Олий Мажлис Сенаты кенгашиниң мәжилисинде репродуктивлик саламатлықты сақлаў, аналық ҳәм балалықты қорғаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың жағдайын үйрениў мәселеси додаланды. Онда сенаторлар, тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери қатнасты.

Сенат баслығы Танзила Норбоева басқарған мәжилисте денсаўлықты сақлаў тек ғана тараў хызметкерлериниң емес, ал улыўмалық жумыс екени айырықша атап өтилди. Себеби халықтың саламатлығы ең әҳмийетлиси. Әсиресе, миллет генофондын беккемлеў ушын қызларымызды турмысқа таярлаў, ҳаяллардың денсаўлығын қорғаў зәрүр. Буның ушын орынларда зәрүр шараятлардың жаратылыўы, қай жерде машқала бар, қай жерде қандай жумысларды әмелге асырыў керек екени анықластырылып, мәнзилли жумыслар алып барылыўы керек. Кемшиликлер анықланғанда, оны тек ғана сынға алыў емес, ал әмелий усыныслар билдириў ҳәм әмелге асырыў мақсетке муўапық.

Мәжилисте аналық ҳәм балалықты қорғаў, репродуктивлик жастағы ҳаяллар ҳәм балаларға көрсетилип атырған медициналық жәрдемниң жағдайы, тараўдағы бар машқалалар және оларды сапластырыў бағдарындағы усыныслар көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, ҳаяллар ҳәм балаларға маман, қәнигелестирилген жоқары технологиялы медициналық жәрдем көрсетиў бойынша республиканың барлық аймақларында 17,5 миллионнан аслам ҳаяллардан 9,1 миллион туўыў жасындағы ҳаялларға 227 туўыў мәкемелери, 11,3 миллионнан аслам 18 жасқа шекемги балаларға болса 238 балалар емлеў-профилактика мәкемелери хызмет көрсетпекте.

Туўыў жасындағы ҳаялларды медициналық тексериўден өткериў бойынша тастыйықланған реже-кесте тийкарында 2022-жылдың 8 айы даўамында 9,1 миллион туўыў жасындағы ҳаяллардың 6,7 миллионы (74,1 проценти) медициналық тексериўден өткерилген. Олардан 42,9 процентинде экстрагенитал кеселликлер анықланған, 75,9 проценти саламатландырылған. Соның ишинде, 90,4 проценти амбулатор ҳәм 9,3 проценти стационар шараятта саламатландырылған.

Мәжилисте әмелге асырылған жумыслар менен биргеликте Сенаттың дәслепки үйрениўлери даўамында анықланған кемшиликлерге де итибар қаратылды. Соның ишинде, 2021-жылы нәрестелер өлими 7 мың 214 ти қураған болып, 2020-жылға салыстырғанда 160 қа артқан.

Буннан тысқары, аймақларда 2018-2022-жылларда балаларда туўма ҳәм генетикалық кеселликлерди ерте анықлаў Мәмлекетлик бағдарламасының орынланыўы бойынша бир қатар кемшиликлер бар екени атап өтилди.

Сондай-ақ, ҳәмиледар, туўатуғын, туўған ҳаяллар ҳәм жаңадан туўылған нәрестелерге көрсетилетуғын медициналық жәрдемниң сапасын жақсылаў мақсетинде республикадағы туўыўға жәрдем бериўши мәкемелердиң материаллық-техникалық базасын халықаралық стандартларға муўапық беккемлеў ҳәм зәрүр дәри-дәрмақ қураллары менен тәмийинлеў мәселеси толық орынланбаған.

Мәжилис даўамында тараў қәнигелериниң бул бағдардағы машқалалары ҳәм оларды сапластырыў бойынша усыныслары тыңланды.

Билдирилген пикирлерден кейин бул бағдарда терең, системалы, керек болса, сын көзқарастан үйрениў ҳәм таллаў зәрүрлигинен келип шығып, Сенат кеңесиниң Аналық ҳәм балалықты қорғаў, репордуктивлик саламатлықты сақлаў ушын профилактикалық илажларды әмелге асырыў жағдайын үйрениў бойынша Жумысшы топар дүзиў ҳаққындағы қарары қабыл етилди.

Сенаттың Илим, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелери комитети баслығының басшылығындағы бул жумысшы топар қурамына Министрлер Кабинети, жуўапкер министрликлер, уйым ҳәм мәкемелердиң ўәкиллери киргизилди.

Жумысшы топар бир ай мүддетте бул бағдарда аймақлардағы ҳақыйқый жағдай бойынша үйрениўлер өткерип, 1-ноябрьге шекем Сенат кенгашине анық усыныслар киргизетуғыны белгиленди.

Додалаўлар жуўмағында туўыў мәкемелеринде аналар ҳәм нәрестелердиң өлимин азайтыў, туўыў жасындағы ҳаяллардың медициналық тексериўден өтиўин сапалы шөлкемлестириў, бюджет қаржыларының мақсетли жумсалыўын қадағалаў бойынша тийисли көрсетпелер берилди.

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы