Ҳүкимет қарары (526-санлы, 27.09.2022 ж.) менен «Ўзбекистон Республикаси ветеринария фидойиси» ҳәм «Ўзбекистон Республикаси ветеринария фидокори» көкирек белгилери ҳаққындағы режелер тастыйықланды.

Көкирек белгилери менен төмендегилер сыйлықланады:

– «Ўзбекистон Республикаси ветеринария фидойиси» көкирек белгиси менен – ветеринария тараўын раўажландырыў, тараўда қадағалаўды күшейтиў ҳәм хызметлердиң сапасын арттырыў, эпизоотикалық тынышлық, азық-аўқат өнимлери қәўипсизлигин тәмийинлеўге мүнәсип үлес қосқан пуқаралар;

– «Ўзбекистон Республикаси ветеринария фидокори» көкирек белгиси менен – шарўашылықты раўажландырыў, шарўа малларының нәсилин жақсылаў, от жем базасын беккемлеўге мүнәсип үлес қосқан шахслар.

Талабанлар бойынша усыныслар ҳәр жылы 1-июльға шекем Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетине бериледи.

Комитет баслығы тәрепинен талабанларды көрип шығыў ушын 5 адамлық комиссиялар дүзиледи.

Комиссиялар талабанлар бойынша усынысларды үйренип 1-августқа шекем жуўмақлаўшы шешимлерди қабыл етеди.

Жуўмақлар тийкарында Комитет баслығының көкирек белгиси менен сыйлықлаў ҳаққындағы буйрықлары қабыл етиледи.

Көкирек белгилери ҳәр жылы 1-сентябрь – Ғәрезсизлик байрамы алдынан салтанатлы түрде тапсырылады.

Көкирек белгилери менен сыйлықланғанларға БЕМның 4 есеси (1,2 миллион сум) муғдарында бир мәртелик төленетуғын ақшалай сыйлық ҳәм естелик саўғалары бериледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги