Пуқаралардың нызамлы ҳуқуқларын қорғаў, әдил судлаўды әмелге асырыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды ҳәм Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик суды тәрепинен алып барылып жумыслар менен толығырақ танысыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судлары баслығы Амир Нурлипесов пенен сәўбетлестик.

-Быйылғы жылдың өткен айлары даўамында ҳәкимшилик судлары тәрепинен алып барылған жумысларға тоқтап өтсеңиз?

-Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды ҳәм Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик суды тәрепинен мәмлекетимизде жеке мүлктиң исенимли қорғалыўын тәмийинлеў, мүлктиң қол қатылмаслығын ҳәм жер қатнасықларын тәртипке салыўға қаратылған социаллық-экономикалық реформаларды жедел әмелге асырыў, халықтың ҳәм исбилерменлик субъектлериниң мәмлекетке болған исенимин беккемлеў бойынша кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 28-январдағы “2022-2026 жылларға мөлшерленген жаңа Өзбекстанның раўажландырыў стратегиясы ҳаққында”ғы пәрманында мәмлекетимизде әдиллик ҳәм нызам үстинлиги принциплерин раўажландырыўдың ең тийкарғы ҳәм зәрүр шәртине айландырыў келеси бес жылда раўажландырыўдың үстин бағдарларынан бири сыпатында белгиленди.

Соның менен бирге, жеке мүлктиң қол қатылмаслығы ҳәм қорғалыўы кепилликлерин күшейтиў, мүлин, тийкарынан жер участкасына болған ҳуқықларды сөзсиз тәмийинлеў, жеке мүлк үстинлигиниң тийкарғы принципи сыпатында белгилеў, мәмлекетлик уйымлардың рәсмий мағлыўматына исенип мүлк сатып алган шахстың ҳуқықын қорғаў системасын енгизиў Стратегияның тийкарғы мақсетлеринен бири болып табылады.

Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды ҳәм Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик суды тәрепинен быйылғы жылдың өткен 8 айы даўамында әдил судлаўды әмелге асырыў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў бағдарында бир қанша ислер әмелге асырылды.  Атап айтқанда, 2021-жылдың усы дәўиринде ҳәкимшилик судлар тәрепинен жәми 577 ғалабалық-ҳуқықый мүнәсибетлерден келип шығатуғын ислер көрип жуўмақланған болса, бул көрсеткиш, усы жылдың 8 айында жәми 504 исти қурап, олардың саны 73 ге азайды.

Соннан 294 ис бойынша арза бериўшилердиң мүрәжаты қанаатлантырылып, бузылған ҳуқықлары тикленди.  Бул көрсеткиш өткен жыл менен салыстырғанда арзалар саны 39 иске азайған. Усы дәўирде 182 ис бойынша судқа мүрәжат етиўшилердиң арзалары қанаатлантырылмай, 4 ис бойынша шағымлар көрилместен қалдырылған.  Сондай-ақ, 24 ис өндиристен қысқартылған.

Буннан тысқары, белгили жасаў орнына ийе болмаған шахсты реабилитация орайына жайластырыў бойынша жәми
97 усыныс көрилген. Бул көрсеткиш өткен жыл менен салыстырғанда 33 иске көбейген.

-Ғалабалық-ҳуқықый мүнәсибетлерден келип шығатуғын даўалар бойынша қандай жумыслар әмелге асырылды?

-Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды ҳәм Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик суды тәрепинен усы дәўирде ғалабалық-ҳуқықый мүнәсибетлерден келип шығатуғын даўалар бойынша ҳәким қарарын ҳақыйқый емес деп табыў менен байланыслы жәми 90 ис көрилип жуўмақланған. Олардан 20 ис бойынша пуқаралардың мүрәжаты қанаатлантырылып, бузылған ҳуқықлары тикленди. 63 ис бойынша усынылған талаплар тийкарсыз болғанлығы себепли арзалар қанаатландырылмастан қалдырылған болса, 6 ис өндиристен қысқартылған, 1  ис бойынша даўалар көрилместен қалдырылды.

Ҳәким қарарын ҳақыйқый емес деп табыў менен байланыслы көрилген ғалабалық-ҳуқықый мүнәсибетлерден келип шығатуғын даўалар Нөкис қаласында 32, Төрткүл районында 15,  Қоңырат районында 6, Әмиўдәрья, Беруний, Нөкис районларында 5, Хожели районында 4, Қараөзек районында 3, Бозатаў районында 2, Кегейли, Тахтакөпир ҳәм Тақыятас районларында 1 исти қурайды.

Усы дәўирде ғалабалық-ҳуқықый мүнәсибетлерден келип шығатуғын даўалар бойынша ҳәкимияттың лаўазымлы шахсларының ҳәрекетлерин (ҳәрекетсизлигин) нызамға муўапық емес деп табыў менен байланыслы жәми 15 ис көрилип жуўмақланған. Нәтийжеде 2 ис бойынша пуқаралардың мүрәжаты қанаатландырылып, бузылған ҳуқықлары тикленди.

Анықланған нызам бузылыў жағдайлары бойынша жәми 251 айрықша уйғарыў шығарылып, нәтийжеде 14  шахстың қарсысына интизамий жаза шарасы қолланылды. Сондай-ақ, 13 мәрте өткерилген улыўмаластырыў нәтийжеси бойынша 4 мәмлекетлик уйымға усыныс киргизилди. Буннан тысқары, апелляция инстанциясы тәрепинен ғалабалық-ҳуқықый мүнәсибетлерден келип шығатуғын жәми 87 ҳәкимшилик ис көрилди.

-Судлар менен пуқаралар арасындағы байланысты еле де беккемлеў бойынша қандай илажлар әмелге асырылмақта?

-Президентимиз өзинииң шығып сөйлеўлеринде атап өткениндей, инсан қәдир-қымбатын ҳүрметлеў, буның ушын ҳәр қандай жағдайда да әдилликти жүзеге шығарыўға уқыплы болған әдил судлаў системасын қәлиплестириў биз ушын ең баслы ўазыйпаға айланып, ҳәр бир судьяның санасында – әдиллик, тилинде – ҳақыйқат, кеўлинде – пәклик болыўы керек. Судьялар нызамларға қатаң әмел еткен ҳалда, өз антына садық болып, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў бойынша тынымсыз мийнет еткен жағдайда ғана, ҳақыйқый әдиллик қорғанына айланыўы мүмкин.  Сонлықтанда судьялар, ҳәр бир суд қарарының негизинде инсан тәғдири турғанлығын терең аңлаған ҳалда, қәтеликке жол қоймастан, нызамлы, ҳәр тәреплеме тийкарландырылған ҳәм әдалатлы қарарлар қабыл етилиўине ерисиўимиз тийис.

Президентимиз тәрепинен билдирилген жынаят ислеген шахсты жазалаў емес, ал жынаятлардың келип шығыў себеби, оларға шараят жаратып берген дәреклерди үйрениў, ҳәр бир жынаят жағдайларын профилактика инспекторлары, мәҳәлле ҳәм жәмийетшиликтиң қатнасында терең таллаў зәр6рлиги, ислердиң кеминде 30 процентин көшпели суд мәжилислеринде, халық арасында көриў ҳаққында усыныс билдирилгенлиги себепли, судлар жумысларында бул бойынша унамлы өзгерислер болмақта.

Атап айтқанда, соңғы жыллары ислерди көшпели суд мәжилислеринде көриўге айрықша итибар қаратылмақта. Быйылғы жылдың 8 айы даўамында 143 ҳәкимшилик ис көшпели суд мәжилисинде көрип шығылды.

-Пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў қандай жолға қойылған?

Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судлары менен Өзбекстан Республикасы Президентиниң Халық қабыллаўханалары арасында өз-ара бирге ислесиў жолға қойылған. Быйылғы жылдың 8 айы даўамында физикалық ҳәм юридикалық шахслар тәрепинен жәми 57 мурәжат келип түскен. Олардан 55 мүрәжат үйренилип, ийелерине жуўап берилген болса, 2 мүрәжат тийислилиги бойынша үйрениў ушын жиберилген.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Виртуал ҳәм Халық қабыллаўханалары арқалы жәми 109 мүрәжат келип түскен болып, олардың барлығы бақлаўға алынған ҳалда үйренип шығылып, арза ийелерине тийкарланған жуўап берилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң виртуал ҳәм Халық қабыллаўханалары арқалы физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден келип түсип атырған мүрәжатлар Өзбекстан Республикасының “Физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатлары ҳаққында”ғы Нызам талаплары, Өзбекстан Республикасы Жоқары судының тийисли тапсырма хатлары тийкарында Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды ҳәм Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик суды тәрепинен мүрәжатлар белгиленген мүддетлерде көрип шығылып, тийкарланған ҳалда жуўап берилиўи айрықша қадағалаўға алынды.

Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды ҳәм Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик суды баслықларының көшпели ҳәм суд имаратында өткерилген жеке қабыллаўында жәми 209 пуқара, соннан  66 мүрәжат көшпели қабыллаўда, 143 мүрәжат суд имаратында қабыл етилди.

-Ҳәкимшилик судлары тәрепинен пуқаралардың, соның ишинде, жасларымыздың ҳуқықый билимин арттырыў бағдарында қандай жумыслар алып барылмақта?

Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды ҳәм Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик суды тәрепинен ҳуқықбузыўшылықтың алдын алыў ҳәм халықтың ҳуқықый мәдениятын арттырыў мақсетинде кәрхана, мәкеме, шөлкемлерде, оқыў орынлары ҳәм халық арасында улыўма 221 мәрте ушырасыў, дөгерек сәўбети өткерилди. Онда ғалаба хабар қураллары, телевидение, радиолар, газеталар, социаллық тармақлар менен тығыз бирге ислесиў жолға қойылған. Деген менен, бул жумыслар мәмлекетимиз басшысы тәрепинен бүгинги күни алдымызға қойылып атырған талапларға толық жуўап береди, деп болмайды.

Сол себепли, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен берилген көрсетпелерге әмел етип, жуўапкершиликти ҳүжданлы түрде сезип, халықтың ишине кирип, олардың машқалаларын тыңлап, халық пенен көбирек ушырасып, олардың дәрти менен жасаў судьялар ушын баслы ўазыйпа болып қалыўы тийис.

Усы мәселеде көшпели суд мәжилислериниң тәрбиялық әҳмийетин айрықша айтып өтиў зәрүр. Судтың ашық-айдынлығын тәмийнлеў қаншелли дәўир талабы мәселеси екенлиги ҳәммеге мәлим. Себеби, бир тәрептен судлар жәмийетшиликтиң арасында болса, екинши тәрептен пуқаралардың ҳуқықый мәдениятын арттырыўға кеңнен жәрдем береди.

Жуўмақлап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судлары судьялары өзлерине жүкленген жуўапкершиликли ўазыйпаларды шын кеўилден, ҳадал ҳәм ҳүждан менен орынлап, ҳәр қандай жағдайда да қалыс ҳәм әдил болыўға, әдил судлаўды тек ғана нызамға бойсынған ҳалда әмелге асырыўға барлық күш-жигерин  жумсайды.

Сәўбетлескен: Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.