Усы жыл 29 ҳәм 30-сентябрь күнлери Мойнақ районы ҳәм Нөкис қаласында Сулайман Бақырғанийдың туўылғанының 900 жыллығына бағышланған халық аралық конференция, «Арал ҳәм Мойнақтың тиклениўи» халықаралық экофестивалы, «Арал балықларынан 99 түрли тағам» гастрономиялық фестивалы болып өтеди.

Бүгин Мойнақ районында «Арал ҳәм Мойнақтың тиклениўи» художниклер ҳәм дөретиўшилердиң халықаралық фестивалы, «Арал балықларынан 99 түрли тағам» гастрономиялық фестивалы басланды. Илаж қатнасыўшылары Мойнақ аэропортында салтанатлы күтип алынды. Мийманлар районның дыққатқа ылайық орынлары менен танысады.

Күнниң екинши ярымында халық аралық конференция қатнасыўшылары Мойнақ районында болып, Сулайман Бақырғаний комплекси ҳәм бул жерде алып барылып атырған қазыў жумысларының барысы менен танысады.

Сондай-ақ, «Арал балықларынан 99 түрли тағам» гастрономиялық фестивалының жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими ҳәм көркем өнер шеберлериниң гала концерти болып өтеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.