Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

 Мәмлекетимизде билимлендириў системасын халықаралық стандартлар тийкарында раўажландырыў, тараўға байланыслы реформаларды табыслы әмелге асырыў, оқыў-тәрбия процесине миллий ҳәм алдыңғы сырт ел тәжирийбелерин, инновациялық педагогикалық ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў жумысларына қосқан мүнәсип үлеси, оқыўшыларға илим тийкарларын ҳәм заманагөй кәсип-өнерлерди үйретиў, олардың интеллектуаллық потенциалын арттырыў, Жаңа Өзбекстанды қурыў ҳәм Үшинши Ренессанс тийкарын жаратыў жолындағы үлкен хызметлери, саламат ҳәм бәркамал әўладты камалға келтириў, жасларды ана Ўатанға меҳир ҳәм садықлық, улыўмаинсаныйлық қәдриятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўдағы ибратлы жумысы және жәмийетлик турмысқа белсене қатнасқаны ушын төмендегилер ҳүрметли атақ, орден ҳәм медальлар менен сыйлықлансын.

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

 

«Меҳнат шуҳрати» ордени менен

Мырзабаев Серикбай Дауылбаевич – Нөкис қаласындағы 2-кәсип-өнер мектебиниң бас устасы.

II дәрежели «Соғлам авлод учун» ордени менен

Елмуратов Бахытбай Қуўанышбаевич – Тахтакөпир районындағы 3-қәнигелестирилген улыўма орта билим бериў мектебиниң музыка пәни муғаллими.

Саидова Гулбаҳар Худайбергеновна – Әмиўдәрья районындағы 5-улыўма орта билим бериў мектебиниң француз тили пәни муғаллими.

«Дўстлик» ордени менен

Қәдиримбетова Салима Расбергеновна – Нөкис районындағы 22-улыўма орта билим бериў мектебиниң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими.

«Шуҳрат» медалы менен

Қдырбаева Лала Абдиқадировна – Қоңырат районындағы 43- улыўма орта билим бериў мектебиниң өзбек тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими.

Токумбетов Шавкат Каипназарович – Төрткүл районындағы 63-улыўма орта билим бериў мектебиниң физика пәни муғаллими.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти    Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 28-сентябрь