Гүз мәўсими келиўи менен ҳаўа райы бираз салқынласып, алдымыздағы аязлы күнлерден дәрек бермекте. Республикамызда экономика тармақларын, социаллық объектлерди, көп квартиралы турақ жай фондын ысытыў мапазында, яғный 2022-2023-жылғы гүзги-қысқы дәўирде турақлы ислеўин тәмийинлеў бойынша  жумыслар әлле қашан-ақ баслап жиберилген.

«Ҳудудгаз Қарақалпақстан» газ тәмийнаты филиалы жәмәәти тәрепинен ҳәзирги ўақытта газ тармақларын гүзги-қысқы мәўсимге таярлаў жумыслары реже тийкарында әмелге асырылмақта. Ҳәзирги ўақытта бул жумыслар жуўмақланыў басқышында.

– Усы мақсетте орынларда тийисли тараў ўәкиллеринен ибарат жумысшы топарлар дүзилген,-дейди «Нукус шаҳар газ» газ тәмийнаты бөлиминиң техника қәўипсизлиги бойынша инженери Руслан Өтегенов.

Олар Нөкис қаласындағы көп қабатлы турақ жайларда халық пенен ушырасып, газ ийисинен зәҳәрлениўдиң, өрттиң алдын алыў бойынша түсиник жумысларын алып бармақта. Сондай-ақ, үйме-үй кирип, хожалықлардың ысытыў қазанханаларын, морыларын, газ плиталарын техникалық тексериўден өткермекте.

Кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж пуқаралардың үйлериндеги котёль печлерине оңлаў жумыслары зәрүр болса, бийпул ислеп берилмекте.

Әлбетте, бундай илажлардың әмелге асырылыўы жүз бериўи мүмкин болған кеўилсиз жағдайлардың өз ўақтында сапластырылыўына тийкар болады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.