27-сентябрь күни Президент Шавкат Мирзиёев жанында архитектура-қурылыс тараўында кадрлар таярлаў системасын жетилистириў илажлары бойынша таныстырыў өткерилди.

Кейинги жылларда елимизде қурылыс көлеми артты, қурылыста қурамалы технологиялық шешимлер қолланылмақта, бирақ тараў бойынша билимлендириў ҳәм илим буннан бираз кейинде қалмақта. Институтлардағы оқыў бағдарламалары гөнерген. Оқытылатуғын пәнлердиң саны шет елдегиден де көп, бирақ сапасы ондай емес. Билимлендириў процесине әмелиятшы қәнигелер жеткиликли дәрежеде тартылмаған. Заманагөй пикирлейтуғын инженер-конструкторлар жетиспей атыр.

Усы жылдың 6-июль күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде мәмлекетимиз басшысы бул мәселеге айрықша тоқтап өтип, тараўдағы жоқары оқыў орынларын трансформациялаў зәрүрлигин айтқан еди.

Таныстырыўда Ташкент ҳәм Самарқандтағы архитектура институтларының оқыў бағдарламаларын реформалап, билимлендириўдиң сапасын халықаралық дәрежеге алып шығыў илажлары додаланды.

Жуўапкерлер бул институтлардың оқыў бағдарламаларын халықаралық аккредитациядан өткериў, жаңа факультетлер шөлкемлестириў, билимлендириў ҳәм өндиристи сәйкеслендириў, илимий жумысты жетилистириў режелерин айтты.

Президент бул усынысларды мақуллап, әҳмийетли ўазыйпаларды көрсетип өтти. Бәринен бурын, бакалавр бағдарларының санын қайта көрип шығып, пәнлерди заманагөй қала қурылысы ҳәм технологияларға сәйкеслендириў зәрүрлиги атап өтилди. Оқытыўшылар ушын қәнигелик талаплары ҳәм  питкериўшилердиң компетенцияларын арттырыў бойынша усыныслар берилди.

Институтларға сырт ел тәжирийбесине ийе қәнигели кадрларды тартыў, сондай-ақ, жергиликли профессор-оқытыўшыларды шет елге илимий стажировкаға жибериў зәрүрлиги атап өтилди. Бул бағдарда Ташкент архитектура-қурылыс институты Стамбул техника университети менен, Самарқанд мәмлекетлик архитектура-қурылыс институты Йилдиз техника университети менен билимлендириўдеги бирге ислесиўди жолға қояды.

Билимлендириў ҳәм әмелият үйлесимлилигин тәмийинлеў мақсетинде ҳәр бир кафедраға өндирис кәрханаларын бириктириў, институтлардың жанында технопарк ҳәм инкубация орайын шөлкемлестириў бойынша көрсетпе берилди. Оларда энергияны үнемлейтуғын қурылыс материалларын жаратыў, жетекши компаниялар менен шеберлик сабақлары ҳәм әмелий  тренинглер өткериў, илимий-изертлеў нәтийжелерин коммерцияластырыў мүмкин болады.

Сондай-ақ, алдыңғы инженерлик билимлер тийкарында илимий ҳәм илимий-педагогикалық кадрлар таярлайтуғын Жоқары илим мектеби шөлкемлестирилетуғыны белгиленди.

Институтлар жанындағы академиялық лицейлер де жетилистирилип,  A-level  дәрежесинде оқыў бағдарламасын ҳәм методикасын енгизиў зәрүрлиги атап өтилди.

ӨзА