Өткен екшемби күни Нөкис қаласындағы «Истиқлол» балалар дем алыў орайында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы А.Орынбаев, Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары У.Мухаммедиев,  министрликлер менен шөлкем басшыларының  пуқараларды көшпели қабыллаўы өткерилди.

Илаж барысында 586 пуқара 616 мәселе бойынша мүрәжат етти. Соннан 370 мүрәжат унамлы шешимин тапты. Онда пуқаралар тийкарынан бәнтлик, коммуналлық хызмет, турақ жай менен тәмийинлеў, материаллық жәрдем көрсетиў сыяқлы мәселелерде мүрәжат етти.

-Бүгинги күни Нөкис қаласында кең көлемли абаданластырыў жумыслары алып барылмақта,-дейди «Жуўазшы» мәкан пуқаралар жыйынының турғыны Сапарнияз Көшбаев.-Деген менен, аймағымыз халқын ишимлик суўы менен тәмийнлеўде машқалалар бар. Усы мәселеде қабыллаўға мүрәжат етип келдим. Мениң мүрәжатым тараў қәнигелери тәрепинен қабыл етилип, келеси жылы оңлаў жумыслары алып барылатуғынлығын мәлим етти.

Усы күни ишимлик суў мәселесинде пуқаралардан жети мүрәжат болып, көпшилиги унамлы шешимин тапты.

Қабыллаў барысында 235 пуқараның өзин-өзи бәнт етиўи мақсетинде 155 пуқараға электр печи, 80 пуқараға тигиў машинасы тапсырылды. 13 пуқараның бәнтлиги тәмийинленди. Соның менен бирге, 92 пуқараға материаллық, турақ жайын оңлаў, контракт пулын төлеп бериў ҳәм емлениў бойынша материаллық жәрдем берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.