Өзбекстанның БАӘдағы елшиси етип тайынланған Абдулазиз Аққулов усы елдиң президенти Муҳаммад ибн Зайд Ал-Наҳаёнға исеним жарлықларын тапсырды. Мәресим Абу-Дабидағы «Қаср Ал-Ватан» резиденциясында болды.

Бирлескен Араб Әмирликлери Президенти бүгинги күнде Өзбекстан-БАӘ қатнасықлары раўажланып, жаңа әмелий мазмун менен байып атырғанын атап өтти. Рәсмий Абу-Даби Өзбекстан менен бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў ҳәм беккемлеў ушын барлық илажларды көриўге таяр екени атап өтилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги