Өзбекстан Республикасындағы Америка елшиханасының Халықаралық бирге ислесиў бойынша Америка Кеңеслери шөлкемлери тәрепинен А.Авлоний атындағы педагогларды кәсиплик раўажландырыў ҳәм жаңа методикаларға үйретиў миллий изертлеў институты менен биргеликте «English Speaking Nation: Secondary Teacher Training» бағдарламасы бойынша жумыслар алып барылмақта.

Жаңа оқыў жылы басланыўы менен усы бағдарлама шеңберинде улыўма билим бериў мектеплериниң инглис тили пәни муғаллимлериниң қәнигелигин арттырыў курслары каскад усылында шөлкемлестирилмекте.

Өзбекстан Республикасындағы Америка елшиханасының халықаралық бирге ислесиў бойынша Америка Кеңеслери шөлкеми тәрепинен бүгин орынларда өткерилиўи режелестирилген семинар-тренинглерди нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм мастер-тренерлерге тийисли көрсетпелерди бериў мақсетинде семинар өткерилди.

Онда тараў бойынша дүньяның ең алдынғы мәмлекетлериниң тәжирийбелери, оқытыўдың жаңа, заманагөй методлары бойынша және бир мәрте түсиниклер берилип, орынларда әмелге асырылатуғын илажлар келисип алынды.

– Усы күнге шекем республикамыздан 104 мастер-тренерлер таярланған болып, олар тәрепинен сентябрь-октябрь айларында орынларда улыўма билим бериў мектеплериниң инглис тили пәни муғаллимлери ушын семинар-тренинглерди шөлкемлестириў режелестирилген,-дейди Педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайының аға оқытыўшысы К.Қурбанбаев.

Семинар интерактив усылда өткерилип, қатнасыўшылар өз-ара тәжирийбе алмасты.


Семинар қатнасыўшылары қәнигелерден инглис тилин оқытыўда қолланылатуғын жаңа технологиялар, методлар бойынша қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги