Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Министрликлер, уйымлар, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери жанындағы капитал қурылыста буйыртпашы хызметлери (кейинги орынларда – буйыртпашы хызметлери) жумысын шөлкемлестириўшилик жақтан жетилистириў, қурылыста басқышпа-басқыш жойбар басқарыўы қатнасына өтиў, мәмлекетлик объектлер қурылысын басқарыўға жеке меншик секторды кеңнен тартыўға имканият жаратыў арқалы қурылыстың сапасын арттырыў ҳәм қурылыс процеси қатнасыўшыларының жуўапкершилигин күшейтиў мақсетинде:

  1. Қурылыс министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Қаржы министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлериниң төмендегилер ҳаққындағы усыныслары мақуллансын:

2023-жыл 1-январьдан баслап 1-қосымшаға муўапық Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Мәденият министрлиги ҳәм Спортты раўажландырыў министрлиги жанындағы буйыртпашы хызметлери ҳәм олардың аймақлық филиалларын, Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги жанындағы буйыртпашы хызметиниң аймақлық филиалларын (кейинги орынларда – сапластырылып атырған буйыртпашы хызметлери) сапластырыў;

сапластырылып атырған буйыртпашы хызметлери тәрепинен орайласқан дәреклер есабынан жойбарлаў-излеў ҳәм қурылыс-монтажлаў жумыслары әмелге асырылып атырған объектлердиң буйыртпашы сыпатында тийислисинше Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери жанындағы «Бирден-бир буйыртпашы хызмети» инжиниринг компанияларын (кейинги орынларда – инжиниринг компаниялары) белгилеў;

2023-жыл 1-январьға шекем инжиниринг компанияларының шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый формасын мәмлекетлик унитар кәрханасы түрине өзгертиў.

  1. инжиниринг компаниялары сапластырылып атырған буйыртпашы хызметлериниң ҳуқық ҳәм миннетлемелери бойынша ҳуқықый мийрасқор есапланатуғыны;

Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги жанындағы «Көп квартиралы турақ жайларды ири ҳәм ағымда оңлаў ҳәм ыссылық тәмийнаты объектлериниң қурылысы бойынша инжиниринг компаниясы» мәмлекетлик унитар кәрханасы республика аймақларында ыссылық системасы объектлерин қурыў ҳәм реконструкциялаў бойынша буйыртпашы ўазыйпасын орынлайтуғыны белгиленсин.

  1. Сапластырылып атырған буйыртпашы хызметлери:

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте объектлердиң жумысты бөлип алып ислеў шәртнамасына муўапық пайдаланыўға тапсырыў мүддети 2022-жыл етип белгиленген объектлердеги қурылыс жумысларын усы жылдың 1-декабрине шекем толық жуўмақлап, пайдаланыўға тапсырылыўын тәмийинлесин;

усы жылы 1-декабрге шекем объектлердиң жумысты бөлип алып ислеў шәртнамасына муўапық пайдаланыўға тапсырыў мүддети 2022-жыл 1-декабрьден өтетуғын, усы жылы пайдаланыўға тапсырыў имканияты болмайтуғын ҳәм келеси жылларға өтетуғын объектлердиң аймақлық жайласыўы бойынша инжиниринг компанияларына тапсырылыўын тәмийинлесин;

объектлерди инжиниринг компанияларына тапсырғанға шекем олар бойынша буйыртпашы ўазыйпасын орынлап барсын, қаржыландырыўды әмелге асырсын, тийисли есабатларды қабыл етсин ҳәм тапсырсын.

  1. Буйыртпашы хызметлери жумысын сапластырыў жумысларын муўапықластырыў бойынша республикалық жумысшы топар 2-қосымша муўапық қурамда шөлкемлестирилсин ҳәм төмендегилер оның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

сапластырылып атырған буйыртпашы хызметлери тәрепинен өзлерине жүкленген миннетлемелер ҳәм объектлерди тапсырыў, инжиниринг компаниялары тәрепинен болса қабыллап алыў жумысларына жәрдемлесиў;

пайдаланыўға тапсырыў ямаса инжиниринг компаниясына өткериўде машқалалары бар ҳәр бир объектти орынға шыққан ҳалда үйрениў ҳәм кемшиликлерди сапластырыў илажларын көриў;

мәпдар министрликлер ҳәм уйымларға билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, мәденият, коммунал, спорт ҳәм басқа да тараўлар ушын уйымлық қурылыс нормаларын енгизиўде жәрдемлесиў;

буйыртпашы хызметлер жумысын жетилистириў бойынша усыныслар және олар тийкарында тийисли нызамшылық ҳүжжетлери жойбарларының ислеп шығылыўын тәмийинлеў;

сапластырылып атырған буйыртпашы хызметлерине тийисли болған имаратлар ҳәм товар-материаллық байлықлар олардың мәкемелери ямаса инжиниринг компанияларының ықтыярына өткерилиўин тәмийинлеў.

  1. 2023-жыл 1-январьдан баслап социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураны раўажландырыў бағдарламалары ҳәм басқа да орайласқан дәреклер есабынан қаржыландырылатуғын объектлер бойынша:

буйыртпашы хызметлердиң бизнес-режеси олардың мәкемеси (министрликлер, уйымлар. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери) тәрепинен Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги менен келисилген ҳалда тастыйықланатуғыны;

буйыртпашы хызметлери басшыларына жумыс көлеминен келип шыққан ҳалда ҳәм жумысын жақсылаў мақсетинде ишки структураны өзгертиўге ҳәм штатлар кестесин көрип шығыўға рухсат берилетуғыны;

зәрүрлик бойынша, буйыртпашы хызметлери өз ўазыйпаларын сапалы орынлаў ушын, соның ишинде, объектлерди жойбарлаў ушын техникалық шәртлерди толық таярлаў мақсетинде олардың сақлаў қәрежетлери шеңберинде илимий-билимлендириў мәкемелери, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, басқа да шөлкемлер, атап айтқанда сырт ел компанияларын ҳәм жоқары маманлықтағы ҳәм маман қәнигелерди тартатуғыны;

буйыртпашы хызметлердиң директоры ҳәм директор орынбасарларын лаўазымға тайынлаў ҳәм лаўазымнан босатыў Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги менен келисилген ҳалда мәкемениң қарары менен әмелге асырылатуғыны;

буйыртпашы хызметлердиң директоры кәрхана жумысы ҳаққында белгиленген тәртипте мәкеме ҳәм Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигине мәлимлеме беретуғыны;

буйыртпашы хызметлердиң жумысы Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги тәрепинен муўапықластырылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигиниң орайлық аппараты структурасында Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги аймақлық бас басқармаларының штат бирликлерин оптималластырыў есабынан 14 штат бирлигинен ибарат Буйыртпашы хызметлери жумысын муўапықластырыў ҳәм мониторингин жүргизиў департаменти шөлкемлестирилсин.

Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги еки ай мүддетте буйыртпашы хызметлериниң материаллық-техникалық базасын жетилистириў, соның ишинде, олардың жумысына заманагөй мәлимлеме системаларын енгизиў, зәрүр мәмлекетлик мәлимлеме системалары ҳәм ресурсларына жалғаў бойынша илажлар бағдарламасын тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги ҳәм Қурылыс министрлиги менен биргеликте:

а) еки ай мүддетте:

инжиниринг компанияларына маман сырт ел қәнигелерин тартыў илажларын көрсин;

жойбар ҳүжжетлери ҳәм қурылыс жумысларының сапасын арттырыў ҳәм заманагөй жойбар басқарыўы системасын жаратыў мақсетинде инжиниринг компанияларының штат кестесине «жойбар басқарыўы бойынша қәниге», «жойбар архитекторы», «жойбар инженери» лаўазымларын киргизсин;

инжиниринг компанияларын қурылыс процесин басқарыў, жумыс көлеми есабынан жүргизиў, қәрежетлерди қадағалаў, жойбарлаў ҳәм қурылыс жумысларын муўапықластырыў, қурылыс ҳүжжетлери менен ислесиўге мөлшерленген арнаўлы-программалық тәмийнат ҳәм сервер үскенелери менен тәмийинлесин;

б) турақлы түрде инжинирг компаниялары хызметкерлериниң маманлығын арттырып барсын ҳәм олардың әмелий стажировкаларын системалы жолға қойсын.

  1. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Қурылыс министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги 2022-жыл 1-декабрьге шекем Капитал қурылыс тараўында буйыртпашы хызмети ҳаққындағы режениң жаңа редакциясын тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин. Онда, төмендегилер нәзерде тутылсын:

қурылыста буйыртпашы хызмети ушын төленетуғын ҳақы муғдарларын жойбарды басқарыў ҳәм техникалық қадағалаўды әмелге асырыў қәрежетлери бойынша нормативлерди өз алдына есапланған ҳалда тастыйықлаў;

буйыртпашы хызмети структурасын объектлер саны, көлеми ҳәм баҳасына қарап оның директоры тәрепинен белгилеў.

Жойбар (объект)дың баҳасы ямаса капитал қойылмалардың лимитлерин оптималластырыўда буйыртпашы хызметине төленетуғын хызмет ҳақыны азайтыў қадаған етилетуғыны белгиленсин.

Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги Қурылыс министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте сырт ел қәнигелерин тартқан ҳалда буйыртпашы хызметкерлери жумысының нәтийжелилик көрсеткишлерин белгилеў бойынша режени ислеп шығып, Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Ҳәр бир аймақта социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураны раўажландырыў бағдарламалары, консолидацияласқан бюджет қаржылары ҳәм басқа да орайласқан дәреклер есабынан қаржыландырылатуғын, баҳасы 10 миллиард сумнан жоқары болған, қурылыс ҳәм (ямаса) реконструкциялаў жумыслары 2023-жыл 1-январьдан басланатуғын кеминде 10 объектте жойбар ҳүжжетлерин ислеп шығыўда консалтинг хызметлери, жойбар басқарыўы хызметлери ҳәм техникалық қадағалаў хызметлерин көрсетиў мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққындағы нызамшылыққа муўапық таңлап алынатуғын исбилерменлик субъектлери, соның ишинде, сырт ел шөлкемлери тәрепинен әмелге асырылыў тәртиби енгизилсин.

Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги Қурылыс министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте баҳасы 10 миллиард сумнан жоқары болған объектлерди қурыў ҳәм реконструкциялаўда аутсорсинг тийкарында исбилерменлик субъектлерин тартыў бойынша ўақтынша режени тастыйықласын.

Қурылыс министрлиги:

2023-жыл 1-апрельге шекем «Ашық қурылыс» миллий мәлимлеме системасында техникалық қадағалаў жумысларын әмелге асыратуғын исбилерменлик субъектлерин баҳалаў платформасын енгизсин. Онда, рейтинг платформасы ушын жойбарлардағы оптималластырыў, қурылыс мүддетин қысқартыў, сапасын арттырыў, қәўипсизлигин тәмийинлеў нормалары тийкар етип алынсын;

исбилерменлик субъектлери тәрепинен әмелге асырылып атырған техникалық қадағалаў жумысларының нәтийжелилигин қадағаласын ҳәм оларды жетилистириў бойынша усынысларды турақлы түрде Министрлер Кабинетине киргизип барсын.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

а) 2023-жыл 1-январьдан баслап:

буйыртпашы хызметлери техникалық тапсырмалар ҳәм оған қойылатуғын функционаллық ҳәм эксплуатация талапларын уйымлық қурылыс нормаларына тийкарланып ислеп шығады ҳәм эксплуатациялайтуғын шөлкемлер менен келиседи;

буйыртпашы хызметлерине техникалық тапсырма, эскиз жойбары, оған қойылатуғын функционаллық ҳәм эксплуатация талапларын ислеп шығыўды аутсорсинг шәртнамалары тийкарында исбилерменлик субъектлерин тартқан ҳалда әмелге асырыў ўәкиллиги бериледи;

буйыртпашы хызметлери тәрепинен жойбар шөлкемин таңлаў ушын сатып алыў ҳүжжетлерине қурылыс объектиниң эскиз жойбары ҳәм оған қойылатуғын минимал функционаллық ҳәм эксплуатация талапларының киргизилиўи шәрт;

б) 2023-жыл 1-январьдан баслап ғалабалық әҳмийетке ийе сийрек ушырасатуғын ҳәм өз алдына әҳмийетли объектлердиң эскиз жойбарын ислеп шығыў ушын буйыртпашы хызмети тәрепинен архитектура таңлаўын өткериў бойынша мәжбүрий тәртип белгиленеди.

Қурылыс министрлиги ҳәм Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги мәпдар шөлкемлер менен биргеликте еки ай мүддетте ғалабалық әҳмийетке ийе сийрек ушырасатуғын ҳәм өз алдына әҳмийетли объектлер ушын буйыртпашы хызмети тәрепинен архитектура таңлаўын өткериў тәртибин тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин. Онда архитектура таңлаўының төрешилер ағзасын қәлиплестириў тәртиби, қатнасыўшыларды баҳалаў нормалары, сыйлық қоры, таңлаўды өткериў мүддетлери ҳәм таңлаўды сәўлелендириў тәртиби нәзерде тутылсын;

в) 2023-жыл 1-марттан баслап орайласқан дәреклер есабынан қаржыландырылатуғын объектлердиң смета баҳасын анықлаў Мәмлекетлик статистика комитети, Мәмлекетлик салық комитети ҳәм басқа да министрликлер ҳәм уйымлардың мағлыўматлар базаларын интеграциялаған ҳалда, Қурылыс министрлиги тәрепинен енгизилетуғын «Қурылыс ресурслары миллий классификаторы» электрон платформасы тийкарында әмелге асырылады.

  1. Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Мәденият министрлиги, Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги ҳәм Спортты раўажландырыў министрлиги:

имарат ҳәм объектлерге қойылатуғын минимал функционаллық ҳәм эксплуатация талапларын, соның ишинде, заманагөй ресурсты үнемлейтуғын технологияларды енгизиў ҳәм усы объектлерден пайдаланыў қәрежетлерин оптималластырыўға байланыслы талапларды, уйымлық қурылыс нормаларын Қурылыс министрлиги менен келискен ҳалда тастыйықлап барсын;

объектлерди пайдаланыўға қабыллаў процесинде олардың уйымлық қурылыс нормаларына муўапықлығын қадағаласын.

Усы бәнтте көрсетилген министрликлерге инжиниринг компаниялары, жойбарлаўшы ҳәм жумысты бөлип ислеўши шөлкемлердиң қаржы-ҳожалық жумысына араласпаған ҳалда, қарамағындағы объектлерде алып барылып атырған жойбарлаў-излеў ҳәм қурылыс-монтажлаў жумыслары бойынша үйрениў өткерип, инжиниринг компанияларына уйымлық қурылыс нормаларына тийкарланған пикир-усынысларын билдириў ҳуқықы берилсин.

  1. Қурылыс министрлиги жанындағы Қурылыста техникалық нормаластырыў орайы ҳәм Қурылыста стандартластырыў республикалық орайы тийкарында мәмлекетлик мәкеме тәризинде Қурылыста техникалық нормаластырыў ҳәм стандартластырыў илимий-техникалық институты (кейинги орынларда – Институт) шөлкемлестирилсин.

Қурылыс министрлиги еки ай мүддетте:

Институттың жумысын шөлкемлестириў менен байланыслы зәрүр илажларды әмелге асырсын;

Институтқа қәнигели басшы және жергиликли ҳәм сырт ел  қәнигелерин тартсын;

сапластырылып атырған Қурылыста техникалық нормаластырыў орайының Мәмлекетлик бюджет есабынан қаржыландырылатуғын штат бирликлерин Қурылыс министрлигиниң орайлық аппаратына өткерсин және министрликтиң қурамындағы структурасын жетилистирсин.

  1. 2023-жыл 1-январьдан баслап төмендеги әмелиятлар «Ашық қурылыс» миллий мәлимлеме системасы арқалы әмелге асырылады:

инвестиция және социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураны раўажландырыў бағдарламаларына киргизилетуғын объектлердиң мәнзилли дизимин ҳәр бир жойбарға идентификация номерин бериў арқалы электрон тәризде қәлиплестириў ҳәм тастыйықлаў (мәмлекетлик сырды қурайтуғын қупыялылық дәрежесине ийе объектлер буған кирмейди);

қурылыс процесинде жол қойылған қағыйдабузарлықларды сапластырыў бойынша авторлық ҳәм техникалық қадағалаў бойынша қәнигелер тәрепинен жумысты бөлип алыўшы шөлкемге көрсетпе бериў және оның орынланыўы бойынша қадағалаў орнатыў.

  1. Қаржы министрлиги:

сапластырылып атырған буйыртпашы хызметлердиң 2022-жыл ушын қәрежетлер сметасын белгиленген тәртипте қайта дизимге алсын. Онда жумыстан босап атырған хызметкерлер ушын компенсациялар төлемлери нәзерде тутылсын;

Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте инжиниринг компаниялары буйыртпашылығында әмелге асырылып атырған қурылыс процесслерин қаржыландырыўды режелестириў ҳәм жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлер алдындағы әмелдеги кредиторлық қарыздарлықты сөндириў системасын жетилистириў бойынша Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте оптималластырыў нәтийжесинде жумыстан босайтуғын хызметкерлерди белгиленген тәртипте жумысқа орналастырыў илажларын көрсин.

  1. Буйыртпашы хызметлердиң жумысын сапластырыў жумысларын муўапықластырыў бойынша республикалық жумысшы топар:

үш ай мүддетте министрлик ҳәм уйымлар жанында шөлкемлестирилген буйыртпашы хызметлерди басқышпа-басқыш сапластырыў бойынша Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин;

2022-жыл 1-декабрьге шекем Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги менен биргеликте сапластырылып атырған буйыртпашы хызметлерине тийисли имарат ҳәм объектлер, товар-материаллық байлықларды белгиленген тәртипте хатлаўдан өткерсин және усы мүлклерден нәтийжели пайдаланыў бойынша Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

  1. Қурылыс министрлиги:

а) Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги менен биргеликте:

усы жылдың ақырына шекем Ташкент архитектура-қурылыс институты, Самарқанд мәмлекетлик архитектура-қурылыс институты ҳәм басқа да жоқары билимлендириў мәкемелерин тартқан ҳалда қурылыс тараўында жойбарларды басқарыў ҳәм техникалық бақлаўды әмелге асырыў бойынша раўажланған мәмлекетлердеги билимлендириў стандартларына ҳәм бағдарламаларына тийкарланып жойбарларды басқаратуғын ҳәм техникалық қадағалаў бойынша қәнигеликлердиң маманлығын арттырыўға байланыслы бағдарламалардың қайта көрип шығылыўын тәмийинлесин;

техникалық қадағалаў бойынша қәнигелерди қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў бойынша оқыў-әмелият процесин нәтийжели шөлкемлестирип, буйыртпашы хызмети қәнигелериниң маманлығын турақлы түрде арттырып барыў системасын енгизсин;

б) 2023-жыл 1-июльге шекем пуқаралар ушын геолокация көрсетилген ҳалда, қурылыс жумысларын алып барыўға берилген барлық рухсат етиў өзгешелигине ийе ҳүжжетлер, соның ишинде, қурылыс қадағалаўын алып барыўда шығарылған жуўмақлар менен танысыў имканиятын беретуғын ашық электрон система жаратсын;

в) Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги ҳәм басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

  1. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип қурылыс министри Б.И.Закиров ҳәм экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министриниң орынбасары А.М.Бобоев белгиленсин.

Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарлары А.Ж.Раматов ҳәм Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 22-сентябрь