Президентимиздиң усы жыл 22-сентябрьде «Ипотека кредитинен пайдаланыўда халыққа қосымша қолайлылықлар жаратыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Қарарға муўапық, 2023-жыл 1-январьдан баслап турақ жай ушын субсидия берилген пуқаралардың ипотека кредитлериниң ҳәм олардың процентлерди төлеў ушын қаратылған мийнет ҳақы ҳәм басқа да дәраматлары дәрамат салығына тартылмайды.

Бул жеңиллик қарыз алыўшы ҳәм бирге қарыз алыўшылар дәраматының бир салық дәўиринде мийнетке  ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарының сексен есесинен аспаған бөлегине енгизиледи.

2023-жылдан ипотека кредитине алынған мүлк алынған сәнеден 36 айда қайта сатылса, кредит ҳәм процентлер ушын қаратылған дәрамат салыққа тартылады.

2022-жыл 1-ноябрьден «коробка» ҳалатындағы турақ жайлар ушын ипотека кредитлери және субсидия ажыратыўға рухсат бериледи.

Қарар менен 2021-жылы берилген субсидия ажыратыў ҳаққындағы хабарнамалардың әмел етиў мүддети 2022-жыл 31-декабрьге шекем создырылды.

«Өзбекстан ипотеканы қайта қаржыландырыў компаниясы» АЖға коммерциялық банклер тәрепинен халыққа берилген ипотека кредитлерин қайта қаржыландырыў ушын 3 жыл мүддетке 12 процентлик ставкада ҳәм процент төлемлерин ҳәр 6 айда төлеў шәрти менен 300 милиард сумға шекем бюджет ссудасы ажыратылады.

Турақ жайлар ҳәм ипотека кредитин алыўда пуқараларға қосымша қолайлылықлар жаратыў ушын ўәлаятлар орайларында ипотека орайлары шөлкемлестириледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги