Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 3-декабрьдеги «Мәҳәлледе исбилерменликти раўажландырыў, халық бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кембағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша ҳәким жәрдемшилери жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында елимиздеги ҳәр бир мәҳәлледе ҳәким жәрдемшилери лаўазымы енгизилип, оларға бир қатар жуўапкерли ўазыйпалар жүкленген еди.

Атап айтқанда, олар өзлери хызмет атқаратуғын елатта жайласқан кеминде 10 хожалыққа кирип, халыққа бүгинги күни әмелге асырылып атырған мәмлекетлик сиясат ҳәм реформалардың әҳмийетин түсиндиреди ҳәм анықланған машқалаларды орында шешиў илажларын көреди. Аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша сектор басшылары менен биргеликте жыйынды социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарларын белгилейди ҳәм шаңарақ кесиминде дизими тийкарында ҳәр бир мәҳәлле кесиминде ҳақыйқый жағдайды анықлап, айма-ай әмелге асырылатуғын илажлар режесин ислеп шығады.

Халықтың, биринши гезекте жумыссыз жаслар ҳәм ҳаял-қызларды кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқытыў ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеў жумысларын шөлкемлестиреди. Район ҳәкимлери ҳәмде районлық фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси менен биргеликте халықтың жер участкаларынан нәтийжели пайдаланып, үй шараятында дийқаншылық, шарўашылық, қусшылық, қояншылық, пал ҳәррешилиги, туқымгершилик, нәлшилик, гүлшилик сыяқлы жумыс түрлерин жолға қойыўға көмеклеседи.

Республика ўәкиллери менен биргеликте өзине бириктирилген мәҳәллени раўажландырыў бойынша «жол картасы»н ислеп шығады ҳәм орынланыўын тәмийинлейди.

Әмелге асырылатуғын жумыслар нәтийжелилиги бойынша район (қала) ҳәкиминиң қаржы-экономикалық ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары менен биргеликте ҳәкимге есабат берип барады.

Мине усындай көплеген ўазыйпаларды атқарыўы тийис болған ҳәким жәрдемшилери бүгинги күни қандай жумысларды әмелге асырмақта?

Усы сораўға жуўап табыў мақсетинде Қараөзек районы Мәденият аўыл пуқаралар жыйынында болып, аймақтағы ҳәким жәрдемшиси Зийўар Жақсымова менен исленип атырған жумыслар менен жақыннан таныстық.

-Жыйын аймағында 1055 хожалықта 6556 халық тыныш-татыў турмыс кеширмекте,-дейди бизге Зийўар Жақсымова.-Халықтың социаллық жасаў жағдайын үйрениў мақсетинде, жыл басында жыйын хызметкерлери менен биргеликте үйме-үй кирип үйрениў жумысларын жүргиздик. Үйрениўлеримиз нәтийжесинде 312 пуқараның жумыссыз екенлиги анықланды. Соның ишинде 68 ҳаял-қыз «Ҳаял-қызлар дәптери»не, 66 жас «Жаслар дәптери»не, еки пуқара «Темир дәптер»ге киргизилди.


Соңынан бизлердиң усынысымыз тийкарында, «Халық банк»тиң районлық филиалынан 56 пуқараға 1 млрд 56 млн сумлық жеңиллетилген кредитлер алып берилди. 54 ҳаял-қызымыз Нөкистеги «Моноорай»дан келген қәнигелер тәрепинен тигиўшилик, аспазлық, компьютер саўатлылығы бойынша қысқа оқыў курсларында оқытылып, оларға сертификатлар тапсырылды.  Солар арасында жеңилликли кредитлер тийкарында 16 ҳаял-қызға тигиў машинасы, 47 жасқа жүк мотоцикллери алып берилди. 59 пуқараға болса, Е-аукционнан 1гектарға шекемги жерлер ажыратылды.

Наманган ўәлаяты ҳәкимлиги тәрепинен жыйын орайына бир исбилерменлик контейнери қурылып, онда еки кепсерлеў, тигиўшилик цехлары, шаштәрезхана өз жумысларын баслады.

-Усы жылдың январында ҳәким жәрдемшисиниң усынысы ҳәм қоллап-қуўатлаўы менен «Халық банк»тиң районлық филиалынан 15 млн сум жеңилликли кредит алып, үй алдына 1, 5 сотыхлық ыссыхана қурған едим,-дейди аймақ турғыны Генжемурат Турдымуратов.-Дәслепки ўақытлары бул жумысты келистире аламан ба деп қәўетерленип едим. Бирақ, ҳәрекетке берекет дегениндей, хожелиши устазым Қуўандық ағаның маған берген баҳалы мәсләҳәти ҳәм дурыс жол- жобасының арқасында ыссыханамнан дийдиленгендей зүрәәт жетистириўге еристим. Өзимниң бул ислеген жумысымнан руўхланып, ыссыханамды еле де кеңейтиў мақсетинде, 33 млн сумлық кредит алып атырман.



Мениң бул ислеримди қоллап-қуўатлап, жумысыма зәрүрли шараятларды жаратып берип атырған ҳәким жәрдемшисине үлкен рахмет айтаман ҳәм республикамыздың барлық пуқараларын Президентимиз тәрепинен жаратылып берилип атырған имканиятлардан пайдаланып қалыўға шақыраман.

1,5 сотых майдандағы ыссыханадан дәслепки егисте 7 млн сумлық дәрамат тапқан Генжемурат Турдымуратов ҳәзирги күнлери ыссыханада екинши егистен де мол өним алмақта.

-Қыяр, помидорларымызды районның өзинде 4 мың сумнан көтере сатып алады,-дейди Генжемурат бизлерге оннан шаңараққа түсетуғын дәрамат туўралы сорағанымызда.-Үй алдындағы 24 сотых жердиң бир қарысын да зая етпестен, оған алма, алмурт, шийе, қәрели, шабдал, ерик, жүзим, болгар бурышы, баклажан, помидор ҳәм басқа да палыз егинлерин өсирип, жетистирилген өнимди аўылымыз халқына арзан баҳаларда сатып атырмыз. Енди сатып алып атырған ыссыханамыз 1,7 сотых болып, келешекте оннан да жақсы өним алыўға ҳәрекет етемен.

-Аўылымызда Генжемураттың изине ерип, үй алдына ыссыхана қурыўшылар саны көбеймекте,-дейди Зийўар Жақсымова биз бенен аймақты аралап жүрип.-Атап айтатуғын болса, Тохтамурат Жақсымуратов, Дәўлетияр Қоблановлар 25 млн сумнан кредит алып өз жумысларын басламақта. Ал, Серегүл Рахатова деген қызымыз болса, 7 млн 800 мың сумлық жеңилликли кредит есабынан пал ҳәррелерин сатып алып, палшылықты раўажландырмақта.

– Колледжди тамамлағаннан соң үйде жумыссыз отырған едим,-дейди және бир аймақ турғыны Қалбай Қәллибеков.- Ҳәким жәрдемшисиниң қоллап-қуўатлаўы ҳәм жасларға жаратылған шараятлардың нәтийжесинде «Халық банк»тен 10 млн сумлық жеңилликли кредит алып, оған заманагөй кепсерлеў үскенеси ҳәм басқа да жумыс ушын керекли болған әсбап-үскенелерди сатып алдым. Ҳәзирги ўақытлары Наманган ўәлаятынан алып келинген исбилерменлик контейнеринде темирден ҳәрқыйлы есик ҳәм басқа да керекли затларды соғып халыққа хызмет көрсетип атырман.

Сондай-ақ, жыйын аймағындағы «Өтеген аўыл» елатында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасында болған сапары даўамында берилген тапсырмалары ҳәм 25-февраль күнги өткерилген мәжилис баянламасы тийкарында 3 млрд 738 млн 11 мың сумлық капитал реконструкция жумыслары алыпбарылмақта.

-Бурынғы мектебимиз көмек жолында салынып, онда арнаўлы пән кабинетлери, лабораториялық ханалар, спорт зал жоқ еди,-дейди бизге 24-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң директоры Еркинбай Хожамбергенов.-Мине Президентимиздиң өсип киятырған жас әўладларға көрсетип атырған аталарша ғамқорлығының арқасында аўылымыз оқыўшылары еки қабатлы барлық қолайлы шараятларға ийе оқыў бинасына кириў алдында тур. Буның ушын аўыл халқы атынан елимиз басшыларына шексиз миннетдаршылық билдиремен.

-Қутлы мәкан елаты жаңадан қонысланған аймақ болып бүгинги күни аймақта 60 тан аслам хожалық турмыс кеширмекте,-дейди көше бийи Оралбай Төрениязов.-Президентимиздиң ғамқорлығы ҳәм район ҳәкимлигиниң қоллап-қуўатлаўы менен жыйында жумыссызлар саны азайып, халық бәнтлиги тәмийинленбекте. Аймағымыз «ашық бюджет» таңлаўында жеңип шығып, көшелеримиз тегисленип, оларға шағыл тас төселмекте. Әлбетте, бул абаданластырыў жумыслары халқымыздың кеўил-кейпиятын көтерип, олардың ертеңги күнге деген исенимин беккемлемекте.



Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы