Нөкис қаласындағы Ашық театрда «Жаслық ҳәм спорт байрамы» сүрени астында «Үмит нәлшелери-2022» спорт ойынлары финаль басқышының жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, елимизде Президентимиздиң басшылығында денетәрбия ҳәм спортты раўажландырыўға қаратылып атырған итибарға тоқтап өтти. Соның ишинде, мектеп оқыўшылары арасында дәстүрий өткерилип киятырған «Үмит нәлшелери» спорт ойынлары айрықша әҳмийетке ийе болмақта.

Атап өтилгениндей, спорттың 11 түри бойынша дәслеп  мектеплер аралық, соңынан қала ҳәм районлық басқышлар да жеңимпаз болған оқыўшылар, республикалық басқышта жеңимпазлық ушын гүрес алып барды. Бунда сыйлы орынларды ийелеген 509 оқыўшы ҳәм олардың устазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен мүнәсип сыйлықланды.

Улыўма командалық есапта биринши орын Қараөзек районы мектеп оқыўшыларына несип етти. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев жеңимпаз командағы  кубок, диплом ҳәм Президент саўғасы-«Дамас» автомашинасын салтанатлы жағдайда тапсырды. Сондай-ақ барлық спорт түрлери бойынша сыйлы орынларды ийелеген оқыўшылар шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом, медаллар ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

-Футбол бойынша Қараөзек районындағы 1-санлы мектептиң командасы дәслеп районда, соңыннан республикалық басқышта биринши орынды ийеледи,-дейди денетәрбия пәни  муғаллими Қуўандық Фазылбеков.-Команданың бул жеңисине қорғаўшы Мийрас Қуўандықов, ҳүжимши Бахрам Уснатдинов ҳәм басқа да ойыншылар мүнәсип үлеслерин қосты.

Сыйлықлаў мәресимнен соң қатнасыўшыларға республикамыздың көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы қойып берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги