Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров 15-16-сентябрь күнлери ШБШның Самарқанд саммити илажларында қатнасыў ушын Өзбекстанға келди.

Самарқанд халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Өзбекстан Республикасының Бас министри Абдулла Арипов күтип алды.

Саммитте Қырғызстан делегациясы ШБШға ағза мәмлекетлер менен бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм регионаллық қәўипсизлик сыяқлы темалардағы додалаўда қатнасады.

А.МУСАЕВ, ӨзА