Президент Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Иран Ислам Республикасы Президенти Ибраҳим Раисий 14-сентябрь күни рәсмий сапар менен елимизге келди.
Самарқанд халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов күтип алды.
Еки мәмлекет арасындағы сөйлесиўлер ҳәм сапар шеңбериндеги илажларда көп қырлы қатнасықларды буннан былай да раўажландырыў көрип шығылады. Саўда, кооперация, инновациялар, транспорт, энергетика, туризм ҳәм басқа да бағдарларда әмелий бирге ислесиў бойынша бир қатар қосымша ҳүжжетлерге қол қойыў режелестирилген.
15-16-сентябрь күнлери Президент Ибраҳим Раисий ШБШның Самарқанд саммити илажларына қатнасады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги