Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 6-сентябрь күни Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев пенен телефон арқалы сөйлести.

Сөйлесиў алдында мәмлекетимиз басшысы Қазақстан жетекшисине Қостанай ўәлаятындағы тоғай өртлери мүнәсибети менен қоллап-қуўатлаў сөзлерин билдирди сондай-ақ, айрықша жағдай ақыбетлерин сапластырыўда зәрүр жәрдем көрсетиўге таяр екенлигин атап өтти.

Еки мәмлекет Президентлери Өзбекстан – Қазақстан жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де беккемлеў, еки тәреплеме бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларында әмелий шерикликти кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелерин көрип шықты.

Саўда, санаат, энергетика, транспорт пенен логистика, аўыл хожалығы ҳәм экономиканың басқа да тармақларында кооперациялық жойбарларды әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.

Регионаллық мәселелер бойынша да пикир алысылды. Усы айда Самарқанд қаласында өткерилетуғын Шанхай бирге ислесиў шөлкеми саммитиниң күн тәртиби додаланды.

 ӨзА