Президентимиздиң басламасы менен исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў бағдарында қабыл етилген бағдарлама, пәрман ҳәм қарарлар, жаратылып берилип атырған имканиятлар, өткен жылдан баслап август айының 20-сәнесиниң елимизде «Исбилерменлер күни» деп белгиленниўи жумысларымызды еле де жетилистириўде бизлерге күш-қуўат бағышламақта.
Әсиресе, Президентимиздиң елимиз исбилерменлери менен ашық форматтағы ушырасыўда шығып сөйлеген сөзинде бизлерге және де кең имканиятлар есигин ашып берди. Атап өтилгениндей, түсимлери 1 миллион доллардан асқан исбилерменлик субъектлериниң саны 5 мыңға артып, 26 мыңға жетти. Мәмлекетимизде экспорт етиўши кәрханалардың саны 7,5 мыңға жетти, улыўма экспорт көлеми 30 процентке көбейди.
Әлбетте, бундай жетискенликлерге ерисиўде исбилерменлердиң тынымсыз ҳәм машақатлы мийнети айрықша атап өтилди. Соның ушын да исбилерменлерге абадан турмысымыздың дөретиўшилери, деп жоқары баҳа берди. Бул болса, бизиң ҳәр биримизге үлкен жуўапкершилик жүклейди.
«Исбилерменлер күни» байрамы алдынан бир топар исбилерменлер «Фаол тадбиркор» көкирек белгиси менен сыйлықланды.Олардың қатарында мениң де мийнетим ылайықлы баҳаланғанлығынан қуўанышлыман.
Өткен жылы Өзбекстан Республикасы Президенти сыйлығы ушын өткерилген «Ташаббус-2021» таңлаўының мәмлекетимиз басқышында «Ең жақсы исбилермен ҳаял» бағдарында биринши орынды ийелеп, Президентимиздиң саўғасы «Nexia-3» автомашинасы менен сыйлықландым.
2017-жылы өз жумысын баслаған кәрханамыз Мойнақ районына, Арал теңизине ҳәм басқа орынларға жеке өзи ямаса топар болып саяхат етпекши болған пуқараларға хызмет көрсетип киятырмыз. Елимизде исбилерменлерге берилип атырған кең имканиятлардан пайдаланған ҳалда, алдағы ўақытлары хызмет көрсетиў шеңберин еле де кеңейтип, билдирилген исенимди ақлаўға ҳәрекет етемиз.
Амина БЕКЖАНОВА,
Мойнақ районындағы «Muinak tour» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы, «Фаол тадбиркор» көкирек белгиси ийеси.
Қарақалпақстан хабар агентлиги