Бурын үлкен қала ишинде қандай да бир ықшам қалаша қурылатуғын болса, әдетте, оны «Жаңа қала» деп атаған. Дәўир өзгерди, заманагөй архитектура, урбанизация деген атамалар пайда болды. Инсанның тәбияты гөззалланды. Хызмет түрлери көбейди. Жаңа қалалардың қурылысында жаңа жойбарлар, жаңа қурылыс усыллары, жаңа көзқараслар пайда болмақта. Енди «Жаңа қала»ның орнына қала атына инглисше «Сити» (қала деген мәнисти аңлатады) сөзи қосылып айтылатуғын болды: «Лондон-Сити», «Москва-Сити», «Анкара-Сити», «Баку-Сити». Өзбекистан пайтахтында да енди «Ташкент-Сити» деген қалашаның қурылысы басланды.

«Ташкент-Сити» пайтахтымыз орайындағы 80 гектар жерди ийелейди, тек имаратлар қурылатуғын жер бетиниң өзи 1 миллион 400 мың квадрат метр. Усы ўақытқа шекем бул жерде жасаған 2 мың халық, пүткил мәҳәлле басқа жерге көширилмекте. Босаған майданларды инженерлик-коммуникация тармақларын өткериў ушын тазалаў, тегислеў, қазыў, кабель тартыў ҳәм басқа да жумыслар әмелге асырылмақта.

 

«Ташкент-Сити» Өзбекстан пайтахтының дәл ортасында – бир тәрепинен «Киношылар үйи» деп аталған, Ислам Кәримов гузарындағы Өзбекстан кинематографшылар аўқамы, кинозаллар жайласқан имараттан басланып, Хадра майданы, Әлийшер Наўайы гузарына шекемги аймақта бой тиклейди. «Ташкент-Сити» реже бойынша 4 жылда – 2021-жылға шекем қурылып питкерилиўи тийис.

– Пайтахт орайындағы бул қалаша жедел пәтлер менен раўажланып атырған Өзбекстан ушын бүгин суў ҳәм ҳаўадай зәрүр, – дейди Ташкент қаласы ҳәкимлиги архитектура ҳәм қурылыс бас басқармасы баслығының биринши орынбасары, қаланың бас архитекторы Асомиддин Тожиев. – «Ташкент-Сити» елимизге келген инвесторлар, жоқары дәрежедеги мийманлар, шет ел саяхатшылары ушын барлық имканиятларға ийе болған қала ишиндеги «киши қала» болады.

Дурыс, Ташкентте бурын Өзбекстан көшесинде өткен әсирдиң 70-80-жылларында бой тиклеген имаратлар ансамбльлери, ғәрезсизлик дәўиринде бурынғы Жеңис дем алыў бағы ҳәм көли шетинде қурылған Сыртқы экономикалық хызмет миллий банки имараты, түркиялы қурылысшылар қурған көп қабатлы заманагөй мийманхана ҳәм басқа да хызмет көрсетиў имаратларының комплекслери де қурылған еди.

– Биз, деп даўам етеди бас архитектор, – Әзербайжан пайтахты Бакуге, Россия пайтахты Москваға, Түркия пайтахты Анкараға барып Сити қалаларды қурыў тәжирийбесин үйренип келдик. Жумысқа жети өлшеп бир кесип, айрықша пуқталық ҳәм итиятлылық пенен қатнаспақтамыз. Бир ғана Түркияның өзине 10 қәниге барып тәжирийбесин арттырып келди.

«Ташкент-Сити»ди қурыў таңлаўында онлаған ири жойбарлаўшы топарлар қатнасты. Таңлаўда Уллы Британияның ARUP консультатив фирмасы жеңип шықты. Бул фирма пүткил дүнья бойынша ҳәкимшилик офис имаратларын, Сити қалалар, дем алыў,  шаршағанды шығарыў орынларын ҳәм санаат имаратларын жойбарлаў және қурыў бойынша қәнигелескен.

Фирманың жойбарлаўшы, инженер техник хызметкерлери, қурылысшылары биз еле көниге алмай атырған әжайып конструкциялардағы шеңбер сыяқлы, спирал сыяқлы, төрт мүйеш, ашылып атырған гүлдиң ғумшасы сыяқлы, Бобил минарасы мысалында бағана сыяқлы үлкен ҳәм бийик, БМШ тың имаратына уқсаған ашылып турған китап түринде, куб, шеңбер, домалақ, пирамида сыяқлы, төбелеринде жап-жасыл бағлар өсип атырғандай мийманханалар, тик, жалпақ, жатқарылған халда жайластырылған ҳәм ҳәр бири авторлық ҳуқықына ийе 40-50 қабатлы, егер жериңиз көтерсе, оннан да бийик жайларды, офис имаратларын, отеллерди өзлери жойбарластырып, өзлери қурмақта.

Әдетте, Ситилердиң 10-, 20-, 30-ямаса басқа қандай да бир қәлеген қабатта аспа бағлар болған, шын мәнисиндеги гүл ҳәм тереклер өсип турған, фонтанлары атылып турған, жасаў, мийнет етиў, дем алыў, шаршағанды шығарыў ушын оғада қолайлы болған мийманхана ҳәм офис имаратлары, жоқары қабатларға жылан изи жолындай ҳәр қабатқа өзи жүрип шығатуғын еки лифтте көтерип түсирилетуғын автомашина гаражлары болады.

Бурын горизонталь ҳалатта жайласқан бир қабатлы жайлардан ибарат әдеттеги дәстүрий көшелер, мәҳәллелер болған болса, енди олардың орнын тикке аспанға қарай созылған подъезд-мәҳәллелер ийелейтуғынын айтып өтиў зәрүр.

«Ташкент-Сити» деги ҳәр бир имараттың қурылысында қуяшлы Өзбекистан, Ташкенттиң кескин континенталь ықлымы: жаздағы жазирама ыссысы, қыстағы қақаман суўық ҳаўасы шараятында оғада үлкен әҳмийетке ийе болған күнниң қайсы тәрептен шығатуғыны, орбита бойлап бағдарланатуғыны, бататуғыны, имарат бөлмелериндеги таза ҳәм сап ҳаўаны тәмийинлеў есапқа алынбақта. Жойбар бойынша әйне түс пайытында қуяштың жазирама нурлары тиккелей айнаның көзлерине тик түспейди. Имараттың иши тәбият мәўсимлерине бола қыста ыссы, жазда салқын болыўы тәмийинленеди. Заманагөй қолайлық жаратып беретуғын ҳаўаны ысытыў ҳәм суўытыў үскенелеринен де өнимли пайдаланылады. Көзди қамастыратуғын қуяш нурлары тиккелей бетиңе ямаса айнаның көзлерине түспейди. Ҳәр бир имараттың турған жери бөлме ҳәм айналары саяға ямаса жақтылыққа қаратып жайласыўы айрықша итибарға алынбақта.

Әсиресе, жасларға мақул болатуғын тәрепи сонда, Сити имаратлары бултлардан өтип, аспан кеңислигине қарай баратырған сыяқлы. Ташкентке қар, жаўын алып киятырған бул бултлар Сити имаратларының жоқары қабатындағы айналарының астынан жылжып өтеди, дегени. Сити, әсиресе, түнде, ҳәр қыйлы нағыслы шырақлар жанған пайытта әжайып көриниске ийе болады.

Сити қурылысы Өзбекстанда көп қабатлы имаратлар қурыў тәжирийбесин, әмелиятын жаңа басқышқа көтереди. Ташкент сейсмикалық зонасына бейимлестирилген беккем, шыдамлы ҳәм қәўипсиз имаратлар бой тиклейди. Себеби жер силкиниў көп болатуғын Токио, Шанхай, Пекинде де 60-70 қабатлы имаратлар қурыў әмелияты қызғын даўам етип атыр ғо?!

«Ташкент-Сити» комплексинде өз алдына мектеп ҳәм мектепке шекемги тәрбия мәкемелери аймағы болады. Оқыў бул жерде зәрүрликке қарай өзбек, инглис, рус, қытай, ҳинд ҳәм басқа да Шығыс ҳәм Европа тиллеринде алып барылады. Сөзсиз билимлендириўде заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларынан кеңнен пайдаланылады.

Дем алып, мәдений түрде шаршағанды шығаратуғын өз алдына қыябанлар аймағын жаратыў нәзерде тутылған.

Ресторан, кафелерден ибарат өз алдына улыўма аўқатланыў кәрханалары аймағы да қурылады. Айтпақшы, аўқатлар дизими  ҳәм Европа ҳәм Шығыс халықлары аўқатлары ҳәм, әлбетте, өзбек палаўы, көк сомсасы, кабабы, қайнатылған сорпасы, қуўырылған лағманынан ибарат болады. Дастурханда қысы-жазы, жүзим, алма, шабдал, ерик, анар дейсиз бе, қаўын-ғарбыз дейсиз бе барлығы таяр болады. Бухараның қолы гүл өнерментлери алтын жиби менен тиккен буйымлар, Наманганның ханатлас банораслары, гүлалшылық, зергерлик, кондитерлик өнимлери ҳәммеси таяр болады. Оларды мийманлар өзи менен алып кетиўине имканият жаратылады.

Жумсалатуғын қаржылар да аз емес. 45-50 қабатлы миймахана ҳәм офис имаратларының ҳәр бири көп дегенде 250 миллион долларға түседи. Оларға жумсалған қаржылар бир неше рет артығырақ етип ақланыўы керек. Өзимиздиң мебельшилеримиз ҳәзир импорттан қалыспайтуғын дәрежеде мийманхана, жатақхана, асхана, офис мебельлерин ислеп шығармақта. Тийкарынан шет елли мийманлар жасайтуғын, ислейтуғын «Ташкент-Сити»диң шәртлери, талабы және де жоқары болады. Сол себепли олар миллий өнерментшилигимизди өзинде сәўлелендирген сулыў, оғада беккем, жүдә қолайлы мебельлер таярлап бериўи керек.

«Ташкент-Сити»де 40-45 қабатлы 2 банк имараты ҳәм 230 орынлық 5 жулдызлы мийманхана, конгресс-холл бой тиклейди.

«Ташкент-Сити»диң қурылысына 3-5 миллиард доллар муғдарында қаржы жумсалыўы мөлшерленбекте.

Ситиде инновация бағы, спорт майданшалары, волейбол, теннис кортлары, арнаўлы жуўырыў жолы қурылыўы нәзерде тутылған.

«Ташкент-Сити» бизнес орайы комплексинде барлық нәрсе таяр болады. Хызметтиң барлық түрин узаққа бармай, ҳәттеки, имараттан сыртқа шықпай, жақын ҳәм қолайлы жерде, имараттың өзинде ямаса оның жанында орынлаў имканияты пайда болады. Комплексте инвесторлар ушын барлық қолайлық жаратылады. Валюта алмастырыў ма, ресторан, кафе, интернет-магазин бе, ҳәр қыйлы маркадағы жеңил автомобиль ямаса басқа бир техника қуралын жаллаў, ижараға алыў пункти ме, сауна, кийим тазалаў, шаш-сақал алыў, улыўма айтқанда, қәлеген нәрсеңизди сол жердиң өзинде табасыз.

Бизиң Сити бизнес орайымыз дүньядағы ең зор, жоқары маманлықтағы, жоқары мәдениятлы, жедел ҳәм сапалы хызмет көрсететуғын орай болыўы керек. Және де соны айрықша атап өтиў зәрүр, дүньяда Сити қалашалары арасында хызмет көрсетиў бойынша оғада үлкен бәсеки бар. Айырым раўажланған мәмлекетлердиң экономикалық-қаржылық раўажланыўының дәреги де әне усында!

«Ташкент-Сити» де өз алдына саўда аймағы қурылады. Сапалы көрсетилген хызмет, бәринен бурын, көп мийнет, ҳайран қалмаң, меҳир, қала берди, әлбетте, нәзик және пуқта дөретиўшилик қатнасты талап етеди. Бул хызмет, қымбат туратуғынын, бирақ өзинен әжайып тәсир қалдыратуғынын тән алыў керек. Демек, Ташкент-Ситиде көрсетилген хызмет дүньяның ең ири қалаларындағы ең зор Ситилердеги хызметтен де жоқары және сапалы болыўы, айрықша унамлы тәсир қалдырыўы керек. Сонда ғана исбилерменде, бизнесменде және Өзбекистанға Ташкентке «Ташкент-Сити»ге қайтыў тилеги пайда болады.

Бизнесмен, исбилермен турмыста қайнап пискен, көбирек талқылап, сын көзқарастан пикирлейтуғын жетик ақыл ҳәм парасатқа ийе болған, тез ойлайтуғын, тез ҳәрекет етеуғын, тез жуўмақ шығарып, қарар қабыл ететуғын инсан болады. Бизнесменниң табысы да, әне, сонда. Оған хызмет көрсететуғын Сити хызметкери болса оннан, яғный, қарыйдардан да тез ойлайтуғын, қарыйдар бир пикирге келмей турып оның мақсетин түсинип, бир қарарға келиўине жәрдем беретуғын, оннан да ақыллы, исбилермен болыўы тийис. Қарыйдардың жүзине, көзине қарап оның тилегин тез оқып, режесин билип алатуғын  адам болыўы ҳәм қолайлы пурсаттан пайдаланып өз хызметин усыныўы зәрүр. Сити хызметкери жоқары эстетикалық талғамға ийе болған, тез ҳәм нәзик пикирлейтуғын психолог, психиатр, сөзде-гәпте филолог, дипломат болыўы дәркар.

45-50 қабатлы имаратлар Орайлық Азияда бириншги мәрте бой тиклейтуғын болды. Қурылысшы, жойбарлаўшыларымыздың да бул тараўда еле тәжирийбеси жоқ. Сити қурылысы Өзбекстан шараятында, әне, усындай көп қабатлы жайлар қуратуғын қурылысшы, жумысшы-қәнигелерди қәлиплестиреди.

«Ташкент-Сити»диң өзине тән машқалалары да бар. Жойбарлаўшылар ҳәзир, әне, усындай үлкен бир машқалаға дус келди. Үлкениң, жердиң қурамалы геологиялық структурасы, геотехтоникалық өзгешеликлери себепли, жойбарлаў ҳәм қурылыс жумысларын оғада пуқта ҳәм сапалы алып барыў шәрт екенлиги белгили болды. Бул машқаланы шешиў бойынша усы тараўда үлкен тәжирийбе топлаған төрт мәмлекет: АҚШ, Өзбекстан, Россия ҳәм Японияның илимпаз қәнигелери жумысқа кирискен. Бураўлаўшы әсбап жәрдеминде 40-50 метрди бураўлап тесип, жерге кирип имараттың тырнақ бөлеклери орнатлыўы тийис. Жер астындағы өзлестирилген майданларды да топырақ басып кетпейди, бул жерлерди жер асты гаражлары ийелейди. «Ташкент-Сити» имаратларының тырнағы астында 14-16 мың автомашинаға мөлшерленген 2-3 қабатлы гаражлар қурылады.

Жуўмақлап айтқанда, «Ташкент-Сити» де бүгин жумыс қызғын. Несип етсе, жақын келешекте пайтахтымызда бой тиклеп атырған бул «киши қала»ның пүткил көринисин, тартымлы саўлатын, потенциалын өз көзиңиз бенен көресиз.

Ирисмат АБДУХОЛИҚОВ,

ӨзА ның шолыўшысы