АҚШ Халықаралық раўажланыў агентлиги (USAID) тәрепинен Өзбекстандағы социаллық әззи ҳәм майып ҳаялқызларды мәмлекеттиң санлы экономикасына тартыўға қаратылған жойбар иске қосылды.

Ташкент ҳәм Қашқадәрья ўәлаятларынан 250 ге шамалас ҳаял-қызлар қатнасқан бағдарлама шеңберинде электрон коммерциялық, социаллық тармақ маркетинги (SMM) ҳәм реклама бойынша шынығыў өткериледи.

Питкериўшилер бағдарлама жуўмағында иске қосыў ҳәм өз стартап бизнесин баслаў имканиятына ийе болады. Бул баслама Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәмлекетлик комитети ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери комитети жәрдеминде «Шығыс ҳаялы» халықаралық ҳаял-қызлар жәмийетлик фонды менен биргеликте әмелге асырылмақта.

USAID миссиясы директоры ўазыйпасын ўақытша атқарыўшы Луанн Гронховдтың атап өтиўинше, ҳаял-қызлардың экономикалық ҳуқық ҳәм имканиятын кеңейтиўге бағдарланған инвестиция гендер теңлигин тәмийинлеў, кәмбағаллықты сапластырыў ҳәм инклюзив экономикалық өсиўди тәмийинлеўге хызмет етеди. Соның менен бирге бундай бағдарлама санластырыўдағы гендерлик айырмашылықты жоғалтыў, ҳаял-қызларға жумыс табыўда жәрдемлеседи. Инклюзив ҳәм турақлы экономикалық өсиўди тәмийинлейди.

Мағлыўмат орнында айтыў керек, Өзбекстан электрон коммерциялық тармақ жеделлик пенен өсип бармақта. Атап айтқанда, 2020-жылы алынған дәрамат 500 миллион долларға жетти. Мәмлекетте 27 миллион интернет пайдаланыўшысы бар екени ҳәм жақын бир неше жыл даўамында санлы инфраструктура 2,5 миллиард доллар инвестиция киргизилиўи нәзерде тутылған.

«Санлы Өзбекстан – 2030» стратегиясының қабыл етилиўи бул тармақ және де раўажланыўы ушын қолайлы шараят жаратпақта. Сондай-ақ, интернет тармағы халықтың социаллық жақтан ең әззи қатламы, соның ишинде, ҳаял-қызлар ҳәм майыплар ушын дәрамат алыўда кең көлемли имканият жаратыўы мүмкин. Нәтийжеде, электрон коммерция менен шуғылланыў ямаса өз бизнесин жолға қойыў ушын ҳаял-қызларға, көбинесе, тийисли маманлық ҳәм қаржы жетиспейди.

Электрон коммерциялық ҳәм санлы кәсиплер академиясы тәрепинен ислеп шығылған 45 күнлик аралықтан билимлендириў курсы жуўмағында еки сынақ аймағынан 200 социаллық әззи ҳаял-қыз ҳәм Өзбекстан майып исбилермен ҳаял-қызлар Миллий ассоциациясынан 40 ҳаял-қыз электрон коммерция бойынша исбилермен ҳәм көнликпеге ийе жумысшы сыпатында қатнаса алады. Қатнасыўшылар кейин ала өз онлайн дүканын иске қосып, өнимди глобаллық ҳәм жергиликли платформа арқалы сатыў имканиятына ийе болады.

USAIDтың Агробизнести раўажландырыўға бағдарланған бул бағдарлама ҳаял-қызлардың экономикалық ҳуқықы ҳәм имканиятын кеңейтиў басламасы шеңберинде әмелге асырылмақта.

Г.Сатторова, ӨзА