Жидда қаласында Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри Жамшид Хўжаевтың Саудия Арабстаны инвестициялар министри Холид ал-Фалиҳ пенен ушырасыўы болып өтти.

Сөйлесиў даўамында Өзбекстан Президентиниң Саудияға болажақ мәмлекетлик сапарына биргеликте таярлық көриў мәселеси додаланды. Тәреплер саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў шеңбериндеги анық жойбарларды нәзерде тутқан ҳалда жоқары дәрежедеги сапардың күн тәртибин экономикалық жақтан байытыўды толық көрип шықты.

Сондай-ақ, Өзбекстанға қосымша Саудия Арабстанының инвестициясын тартыў мәселеси додаланды. Жаңа биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўда тығыз бирге ислесиўге өз-ара таярлық билдирилди.

Өз-ара қатнасты жеделлестириўдиң имканиятын таллаў нәтийжесине бола, күтилип атырған жоқары дәрежедеги сапар мәмлекетлер арасындағы бирге ислесиўди сапа жағынан жаңа дәрежеге алып шығатуғынына исеним билдирилди.

ӨзА