Ҳүкимет мектеплер әтирапында қумшекерли газленген ҳәм энергетикалық ишимликлер сатылыўын шеклемекши. Сондай-ақ, тез таярланатуғын аўқатлар саўдасын да.

Министрлер Кабинетиниң тийисли қарарының жойбарына, усы тәртипти нәзерде тутылыўшы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбары 2022-жыл 1-сентябрьге шекем ислеп шығылады.

Атап өтилиўинше, бул бойынша жуўапкер министрликлер ҳәм шөлкемлер тәрепинен турақлы рейдлер өткериў де усы ҳүжжет жойбарында өз көринисин табыўы керек.

Ҳүжжет жойбары келешекте әмелиятта қолланылса, мектеплер ҳәм олардың әтирапында қумшекерли, газленген ҳәм энергетикалық ишимликлер, сондай-ақ, тез таярланған аўқатлар саўдасы 500 метр әтирапынан кем болмаған аймақларда саўда қадаған етиледи.

Бул жол менен болса жас өспиримлер саламатлығы беккемленген, сондай-ақ, аўқатланыў менен байланыслы кеселликлердиң алды алынады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги