Өзбекстан адамзат цивилизациясының әййемги ошақларының бири болып табылады. Мәмлекетимиз аймағында жайласқан тарийхый қалалар  ҳәм естеликлер, ондағы материаллық табылмалар өзиниң бийбаҳалығы менен дүнья жәмийетшилигиниң дыққатын өзине қаратып келмекте.

Бул естеликлерди үйрениў ҳәм халқымызға жақыннан таныстырыў бүгинги күни зиялы қәўим ўәкиллери, соның ишинде тарийхшыларымыз алдында турған ең әҳмийетли ўазыйпалардың бири болып есапланады.

Сонлықтан Өзбекстан Илимлер Академиясы Тарийх институты ҳәм Өзбекстан Жаслар Ислери агентлиги жас тарийхшыларымыздың билим ҳәм тәжирийбесин еле де жетилистириў мақсетинде Ташкент ўәлаяты Бостанлық районындағы Жаслар дем алыў орайында «Өзбекстан Жас тарийхшылардың биринши жазғы оқыўлары» шөлкемлестирилди.

Оған елимизге белгили тарийхшы профессор-оқытыўшылар ҳәм жас илимпазлар, таяныш докторантлар қатнаспақта.

-Бостанлықта өткерилип атырған бул оқыўларда бизлер өзлеримиздиң илимий жумысымыз ушын оғада зәрүр болған мағлыўматларды тәжирийбели тарийхшылардың шеберлик сабақларында үйренип атырмыз,-дейди бизге Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы, Қарақалпақстан бөлими, Қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў инститўты, тарийх бөлими киши илимий хызметкери. Өтебай Кеңесбаев.-Әсиресе, профессор Рустам Сулайманов, тарийх илимлериниң докторы Азимхўжа Отахўжаевлардың «Өзбек халқы ҳәм мәмлекетшилиги тарийхы, соның ишинде, Тас дәўири жаңалықлары,  Соғдша дәреклер бойынша өткен шеберлик сабақлары бизлерде айрықша қызығыўшылық оятты. Соның менен бирге тарийх илимлери бойынша философия докторы Қаҳрамон Ёқубовтың «Түркистан ханлықлары дәўири тарийхын үйрениўде тарийхый ҳүжжетлердиң әҳмийети» атлы сабағынан да илимий излениўлеримиз ушын үлкен тәжирийбе алдық. Мениңше усындай шеберлик сабақларын елимиздиң барлық аймақларында өткериў керек деп ойлайман. Себеби, өз өтмишин билмеген елдиң ҳеш қашан келешеги болмайды.

Ҳақыйқатында да, излениўшининиң атап өткениндей Чимёндағы Жаслар дем алыў орайында өткерилип атырған Өзбекстан Жас тарийхшылардың биринши жазғы оқыўлары жас тарийхшыларымыз ушын үлкен тәжирийбе сабағы болмақта. Бул оқыўлар 24-августқа шекем даўам етеди.

Жас тарийхшылардың жазғы оқыўларына  Әжинияз атындағы Нөкис Мәмлекетлик педагогиқалық институты тарийх бағдары бойынша таяныш докторанты Эъзозахон Кочкарова, ,  усы институттың социал-гуманитар пәнлерди оқытыў методикасы 2-басқыш магистранты Сагатдийн Аширбаев ҳәм Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы, Қарақалпақстан бөлими, Қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў институты, тарийх бөлими киши илимий хызметкери. Өтебай Кеңесбаевлар қатнаспақта.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.