16-август күни Ислам тилеклеслик ойынларының жарыслары өткерилип атырған 12-күнинде айырым спорт түрлериндеги улыўма нәтийжелер жәрияланды.

12 спорт түриндеги жарыслар даўам етип атырған болса да, жуўмағына жеткен спорт бағдарларында қайсы мәмлекет командалары жетекшиликке еристи? Медальлар есабы қай көринисте болды сыяқлы мәселелер көпшиликти  қызықтыратуғыны тәбийғый.

Биз ушын әҳмийетли тәрепи, мәмлекетимиз спортшылары жуўмағына жеткен спорт түрлеринен, әсиресе, аўыр атлетикада ең жоқары нәтийжеге еристи.

Итибарлысы, елимиз спортшылары аўыр атлетика спорт түринде ең көп сыйлы орынларға ийе болып, улыўмалық медальларымыздың жоқарылаўына жүдә үлкен үлес қосты. Кескин беллесиўлерде палўанларымыз 15 алтын, 3 гүмис, 6 бронза, жәми 24 медаль менен  сыйлықланған мәмлекетлер арасында Өзбекстанның 1-орынды ийелеўин тәмийинледи.

Аўыр атлетикашыларымыз 15 алтын медальға ерисиў менен бирге Ислам тилеклеслиги ойынларының рекордларын да орнатты. Атап айтқанда, Акбар Жўраев, Руслан Нуруддинов, Сарваржан Зафаржанов және Турсунай Жаббарованың ҳәр бири 3 еўден рекорд нәтийжеге еристи. Үмитли спортшымыз Муҳаммадқодир Тоштемиров силтеп көтериўде ойынлар рекордын жаңалады.

Және бир өзине тән тәрепи. Конья-2021 ойынларында аўыр атлетика бойынша мәмлекетимиздиң 11 спортшысы қатнасқан болса, олардың барлығы сыйлы орынларды қолға киргизди. Ҳеш бири Түркиядан «қуры қол менен» қайтпайтуғын болды.

Сондай-ақ, спорт гүреслери, жеңил атлетика ҳәм таэквондо спорт түрлеринде гүрес алып барған ўәкиллеримиз де улыўмалық команда есабындағы орнымыздың беккемлениўине үлкен үлес қосты.

Еркин, грек-рим ҳәм ҳаял-қызлар гүресинде Әзербайжан, Иран, Қырғызстан ўәкиллери бириншилик еткен болса, елимиз спортшылары 4 алтын, 4 гүмис ҳәм 10 бронза медаль менен күшли төртликтен орын алды.

Конья-2021 ойынларында таэквондошыларымыз ерискен табыслар итибарлы болды. Олар ойынлар бағдарламасында таэквондо ушын белгиленген медальлар «ғәзийнеси»нен 4 алтын ҳәм 4 бронза медальларына миясар болып, улыўмалық есапта 2-орынды ийееледи. Усы нәтийже елимиз таэкводошылары ушын комплексли ойынлардағы жаңа бет болды.

Жеңил атлетикашыларымыз 4 алтын, 2 еўден гүмис ҳәм бронза менен Түркия, Баҳрейн және Марокко кейинги дәрежеде орналасқан ҳалда Өзбекстан спорт делегациясының медальлар қоры байыўына үлес қосып билди.

Конья ойынларының еки күнлик беллесиўлери даўам етип атырған ўақытта дзюдошыларымыздың кескин беллесиўлерде алтын-гүмис-бронзалы адымы жедел түс алмақта. Кикбоксшилеримиздиң кең майдандағы «исенимли жүриси» басланды. Каратэшилеримиз ертеңги аяўсыз татами «ойын»ларына таярланбақта.

Бул, процесслердиң барлығы Конья-2021 ойынларындағы қорымыз жағдайын және де жақсылайтуғыны сөзсиз. Қалаберди, бул ойынлар Өзбекстан спортының ҳәзирги «ҳаўа-райы»н, оның Париж-2024 Олимпиада ойынларына алып барып атырған таярлық стратегиясының техникалық-тактикалық жағдайын да анықлап алыўға мүмкиншилик туўдырмақта.

Ең әҳмийетлиси, Ислам тилеклеслик ойынлары мәмлекетимиз спортының келешек режелери, мақсетлери түпкиликли жаңаланғанлығын, жаңаша мақсетлерге адымлап атырғанлығын сәўлелендирди.

Ҳақыйқатында да, буннан 5-10 жыллар алдын комплексли спорт жарысларында Өзбекстан спорт командалары улыўмалық медальлар есабында тар топарларда, киши мақсетлер дөгерегиндеги гүреслерде қатнасатуғын едик. Бүгин Жаңа Өзбекстанның жаңаша көзқарастағы жас спортшылары халықаралық майдан мақсетлеринен келип шығып, жаңаша принциплерди енгизгенликтен, бул нәтийжелерди көрсетип атыр.

Жуўмақланып баратырған Конья-2021 ойынлары, буннан 10 күндей алдын Россия Федерациясында өз жуўмағына жеткен «Азия балалары» ойынлары, күни кеше Ҳиндстанда Өзбекстан шахматшыларының жеңиси байрамланған 44-пүткил жер жүзилик шахмат олимпиадасы мәмлекетимиз спортында әмелге асырылып атырған реформалар көлемин және де мақтанышлы екенлигин айдынластырды.

Бул жеңислер, жетискенликлер мәмлекет даңқын дүньяға жәрияламақта, мың-мыңлаған шаңарақларға, мәҳәллелеримизге шадлық, қуўаныш сезимлерин алып кирмекте.

«Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз» принципиниң енгизилгенлиги, сол тийкарда Түркия, Ҳиндстан, Россия спорт майданларында табысларға ерисиўи тийкарында жанажан Ўатанымыздың байрағы көтерилип, гимнимиз бәлент ҳаўазларда жаңлап атырғанлығы Ғәрезсизлигимиз салтанаты, оның қуўанышлы 31 жыллық тойына жас спортшыларымыздың мүнәсип саўғасы болмақта.

 

Тўлқин РЎЗИЕВ,

ӨзАның хабаршысы