Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министриниң ўазыйпасын атқарыўшы Владимир Норов Оман Султанлығының мәмлекетимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Аҳмад Ал-Касирийди қабыллады.

Бул ҳаққында министрликтиң баспасөз хызмети мәлим етти.

Сөйлесиў басында Өзбекстан-Оман қатнасығы тәреплерди қызықтырған барлық тараўларда жедел раўажланып барып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Еки тәреплеме тийкарда ҳәм халықаралық институтлар шеңберинде, сондай-ақ, «Орайлық Азия – Қолтық араб мәмлекетлери бирге ислесиў кеңеси» стратегиялық сөйлесиўи форматында сиясий ҳәм дипломатиялық бирге ислесиўди жеделлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Ҳәр қыйлы дәрежедеги болажақ ушырасыўлар кестеси, соның ишинде, еки мәмлекет сыртқы ислер министрликлери арасындағы сиясий мәсләҳәтлесиўдиң гезектеги топарын шөлкемлестириў мәселеси додаланды.

Бирге ислесиўдиң шәртнамалық-ҳуқықый базасын беккемлеў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Тәреплер саўда-экономикалық тараўдағы бирге ислесиў потенциалынан нәтийжели пайдаланыў, өз-ара саўда көлемин арттырыў ҳәм диверсификациялаў, транспорт жолларын раўажландырыў, исбилерменлик субъектлери арасында тиккелей байланысты даўам еттириў бойынша қоспа илажлар көриўге таяр екени мәлим етилди.

Мәдений-гуманитарлық байланысты раўажландырыў бойынша бир қатар усыныслар да көрип шығылды.

ӨзА