Мәмлекетимизде келешекти ойлап, басқышпа-басқыш әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжесинде, бизнес ушын еркин ҳәм тең ҳуқықлы бәсекилик орталығы пайда болмақта. Буның нәтийжеси исбилерменлик субъектлериниң улыўма товар айланысында да өз көринисин таппақта.

Атап айтқанда, быйыл 6 ай даўамында республикамызда исбилерменлик субъектлериниң товар айланысы өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 135,6 процентке өскен.

Республикамыздағы 7,2 мың субъекттиң товар айланысы өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда әдеўир көбейип, жыл басынан товар ҳәм хызметлер айланысы көлеминиң градациясы 500 миллион сумға шекемги айланысқа ийе субъектлердиң саны 11569ға жетти.

Ал, 825 субъект 1 миллиард сумға шекемги, 1000 субъект 10 миллиард сумға шекемги, 105 субъект 100 миллиард сумға шекемги, 6 субъект 1 триллион сумға шекемги товар ҳәм хызметлер айланысына ийе.

143 жеке тәртиптеги исбилермен товар айланысынан алынатуғын салық төлеўге өткен. Ал, 765 кәрхана айланыстан алынатуғын салықтан улыўма белгиленген салықларды төлеўге өткен.

Қарақалпақстан хабар агентлиги