Ташкентте 23-февраль күни Өзбекстан ҳәм АҚШ исбилермен топарларының онлайн видеосөйлесиўи болып өтти.

Өзбекстан Саўда-санаат палатасы тәрепинен Америка – Өзбекстан саўда палатасы менен биргеликте шөлкемлестирилген видеосөйлесиўде саўда, инвестиция, экономика, аўыл хожалығы, тоқымашылық, фармацевтика, химия ҳәм азық-аўқат санааты, электрон өнимлер ҳәм қурылыс материалларын ислеп шығарыў сыяқлы тараўлар ушын жуўапкер министрликлер менен ведомстволардың, концернлер ҳәм компаниялардың ўәкиллери қатнасты.

Саўда-санаат палатасының баслығы А.Икрамов, Өзбекстанның АҚШтағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Ж.Ваҳобов ҳәм басқалар еллеримиз арасында саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиў раўажланып атырғанын, Америка – Өзбекстан саўда палатасы қоспа жойбарларды қоллап-қуўатлаў ҳәм әмелге асырыўдың әҳмийетли механизмине айланып атырғанын атап өтти.

Америка – Өзбекстан саўда палатасының атқарыўшы директоры Е.Сон, сондай-ақ, америкалы исбилерменлер Президент Шавкат Мирзиёевтиң 2017-жыл 18-20-сентябрь  күнлери АҚШқа сапары ўақтында бир топар жетекши компаниялардың басшылары менен болған ушырасыў еллеримиз исбилерменлери арасындағы бирге ислесиўди жаңа мазмун менен байытыўда, еки тәрептиң имканиятларын кеңирек иске қосыўда әҳмийетли фактор болып атырғанын атап өтти.

Өзбекстанның экономикалық, жәмийетлик-сиясий, мәдений-гуманитарлық, руўхый-ағартыўшылық турмысында өткерилип атырған реформалар халықаралық жәмийетшиликте үлкен қызығыўшылық оятпақта. Әсиресе, экономикалық тармақта әмелге асырылған кең көлемли илажларға халықаралық сыншылар унамлы баҳа бермекте. Елимизде исбилерменлик орталығын буннан былай да еркинлестириў, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў бағдарындағы жаңаланыўлар Өзбекстанның инвестициялық тартымлылығы буннан былай да артыўына хызмет етпекте. Бүгинги күнде елимизде америкалы исбилерменлер менен биргеликте дүзилген 160 тан аслам кәрхана жумыс алып барып атырғаны Өзбекстанда инвесторларға қосымша қолайлық, жеңиллик жаратыў, валюта сиясатын либералластырыў бағдарындағы жумыслардың нәтийжеси, деп айтыў мүмкин.

Онлайн видеосөйлесиўде америкалы исбилерменлерге елимизде түрли тараўларда, соның ишинде, аграр санаатта жумыс алып барып атырған шет елли инвесторлар менен шериклер ушын бир қатар салық ҳәм бажыхана жеңилликлери енгизилгени ҳаққында мағлыўмат берилди.

Илажда Американың «WCC International» компаниясының жуўапкер адамлары елимиздиң экспорт потенциалын арттырыў, Өзбекстанда ислеп шығарылған өнимлерди АҚШ базарына алып кириў имканиятлары, халықаралық маркетинг, электрон коммерция сыяқлы темалардағы таныстырыўлары менен қатнасты. АҚШ исбилермен топарлары ўәкиллери өзбекстанлы исбилерменлер менен бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўден ҳәм беккемлеўден мәпдар екенин атап өтти.

Улығбек ШОНАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы