Август айының екинши екшембиси Қурылыс тараўы хызметкерлери күни

Қурылысшы- бул архитектор, дизайнер,  сулыўлық ҳәм гөззаллық таратыўшы өнер ийеси. Сонлықтанда қурылысшы кәсибин қаншелли көклерге көтерип улығласаңда көплик етпейди. Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПП-5136-санлы Пәрманы менен август айының екинши екшемби күнин «Өзбекстан Республикасы қурылыс тараўы хызметкерлери күни» деп жәрияланыўы да елимизде қурылысшыларға көрсетилип атырған үлкен ҳүрметтиң белгиси десек болады.

Усындай үлкен ҳүрмет ҳәм исеним нәтийжесинде елимиздиң барлық тараўлары сыяқлы қурылыс тараўындада бир қанша көлемли жумыслар исленбекте. Халқымыздың жақсы турмыста жасаўы ушын қолайлықлар жаратыў мақсетинде социаллық ҳәм инфраструктуралық ҳәм тағы басқа да көплеген объектлерде жаңа қурылыс, капитал оңлаў, реконструкциялаў жумыслары әмелге асырылмақта.

2022-жылғы Инвестициялық бағдарламаға тийкарланып республикамызда социаллық тараў объектлерин ҳәм инфраструктураны раўажландырыў бойынша 179 объект киргизилген болып, соннан 72 объект жылдан-жылға өтетуғын ҳәм 107 тазадан басланатуғын объектлер болып табылады. Барлық объектлер бойынша жойбарлаў-смета ҳүжжетлери толық ислеп шығылып, экспертиза жуўмақлары алынды ҳәм қурылыс тараўында қадағалаў инспекциясынан дизимнен өткерилип қурылыс жумыслары алып барылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 18-марттағы

қарарына муўапық “Абат аўыл” ҳәм “Абат мәҳәлле” бағдарламалары тийкарында қала ҳәм районлардан пуқаралар жыйынлары таңлап алынып, усы аўыл ҳәм мәҳәллелер орайларының бас режелери ислеп шығылды. Бағдарламаға тийкарланып 85 социаллық тараў объектлерин ҳәм инфраструктураны раўажландырыў бойынша қурылыс жумыслары қызғын даўам еттирилмекте.

Республикамыздағы ең әҳмийетли мәселелерден бири―бул турақ жай қурылысы. Елимизде бул бағдардада  кең көлемли жумысларға итибар қаратылған.  Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 11-марттағы ПП-6186- санлы Пәрманы тийкарында 2021-жылда жаңа тәртип тийкарында 1480 квартиралы 43 турақ жай, 700 квартиралы 25 турақ жай «Қишлоққурилиш инвест” ИК ЖШЖ тәрепинен қурып питкерилди. Жаңа үлгиде Нөкис қаласында 400 квартиралы 16 қабатлы 5 турақ жай, Әмиўдәрья, Беруний, Қанлыкөл, Қоңырат, Төрткүл, Хожели, Шымбай, Елликқала районларында 380 квартиралы 13 турақ жай қурылыслары бүгинги күнде қызғын даўам етпекте.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 9-декабрьдеги ПП-32 санлы пәрманы тийкарында 2022-жылы республикамызда 3 районында, атап айтқанда, Кегейли районы “Ақтуба” АПЖ аймағында 210 квартиралы 7 турақ жай, Қараөзек районы “Есим” МПЖ аймағында 168 квартиралы 6 турақ жай, Қанлыкөл районы “Наўрыз” МПЖ аймағынан 300 квартиралы 10 турақ жай қурылыўы белгиленген. Бүгинги күнде бул объектлерде улыўма 678 квартиралы 5 қабатлы 23 дана турақ жайдың ҳәм усы массивлерде 3 мектеп, 3 бақша ҳәм 1 поликлиника имаратларының қурылысы алып барылмақта.

Алдымызда исленетуғын жумыслар жүдә көп. Елимизде елатлы пунктлерди раўажландырыўға да итибар қаратылып, республикамыз бойынша республикалық әҳмийетке ийе 1 қала, 11 қала статусындағы район орайлары, 26 қалалық посёлка статусындағы район орайлары ҳәм елатлы пунктлери менен 142 аўыл пуқаралар жыйынлары бар. Соннан бүгинги күни 12 қаланың бас жойбарлары  толық ислеп шығылып, 26 қалалық посёлкалардың 13 қалалық посёлкасының бас режеси ислеп шығылды.Қалған 13 қалалық посёлканың бас режелери келеси ўақытта тийисли мәмлекетлик бағдарламаларға киргизиў нәзерде тутылған.

Соның менен бирге 142 аўыл пуқаралар жыйынларынан 126 аўыл пуқаралар жыйынларының  бас жойбарлары ислеп шығылды, 16 сының жойбарлары  келешекте тийисли мәмлекетлик бағдарламаларға киргизиў арқалы ислеп шығыў нәзерде тутылған.

Өткен жылларға нәзер салатуғын болсақ елимиздиң барлық тараўлары сыяқлы қурылыс тараўында да бирқанша салмақлы жумыслар исленди.

Мәселен, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 28- декабрь күнги ПҚ-4936-санлы Қарары ҳәмде Министрлер Кабинетиниң 21-санлы баянына муўапық, республикамыздан жәми 220 объект бағдарламаға киритилип 144 объектте қурылыс, реконструкция ҳәм капитал оӊлаў жумыслары алып барылыып пайдаланыўға тапсырылды.

Бунда халық ийгилиги ҳәмде өсип киятырған келешек әўладтың сапалы тәлим-тәрбия алыўы ушын мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери, улыўма билим бериў мектеплери, денсаўлықты сақлаў объектлери, жоқары оқыў орынлары имаратлары, ишимлик ҳәм ақаба суў тармақлары, ишки жоллар ҳәмде басқада халық талабы, мүтәжлиги ушын зәрүр болған барлық қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылды.

Мәселен өткен жылғы қурылыс тараўында өзгерислерден бири―     тараўға электрон системаның енгизилиўи болып табылады. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 5-февральдағы “Қурылыс тараўында электрон мәмлекетлик сатып алыўларды шөлкемлестириў ҳәм өткериў тәртибин жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы
55-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша жумысты бөлип алып ислеўши  қурылыс ҳәм жойбарлаў кәрханаларының рейтинг системасы енгизилип, электрон тендер системасы жолға қойылды.

Қарар тийкарында 2021-жылғы Инвестициялық бағдарламаға киргизилген объектлердиң тендер саўдаларын өткериў Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлигиниң электрон тендер системасы бойынша (Tender.mc.uz) сайтына жайластырылып, тендер саўдалары онлайн түрде әмелге асырылды. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 20-сентябрдеги 4464-санлы қарары тийкарында жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин экспертизадан өткериў 2021-жыл 1-январьдан баслап «Шаффоф қурилиш» электрон системасында  алып барылды. Бул система өз гезегинде пуқаралар ҳәм буйыртпашылардың қымбатлы ўақытларын үнемлеўде, бюрократиялық тосқынлықлар менен коррупцияның алдын алыўда әҳмийетли болып есапланады.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл
2-апрельдеги “Абат аўыл” ҳәм “Абат мәҳәлле” бағдарламаларын әмелге асырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы
ПҚ-5048-санлы қарарының орынланыўы бойынша бағдарламаға жәми 34 мәкан ҳәм аўыл пухаралар жыйынлары киргизилип, барлық  аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларыныӊ бас реже схемалары жергиликли жойбарлаў кәрханалары тәрепинен мүддетинде ҳәм сапалы ислеп шығылып қурылыс, реконструкциялаў ҳәм капитал оӊлаў жумыслары алып барылып тапсырылды.

“Абат аўыл” ҳәм “Абат мәҳәлле” бағдарламасына улыўма билим бериў мектеплери, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери, аўыллық шыпакерлик пунктлери, мәҳәлле ҳәм мәденият үйлериниң имаратлары  киргизилген.

Жоқарыда айтып өтилген барлық объектлердиң жойбарлаў-смета ҳүжжетлери жергиликли жойбарлаў кәрханалары тәрепинен толық ислеп шығылып, экспертиза жуўмақлары алынды ҳәм тендер саўдалары арқалы жумысты бөлип алып ислеўши  кәрханалар таӊлап алынып қурылыс, реконструкциялаў ҳәм капитал оӊлаў жумыслары нәтийжели жуўмақланды.

Сондай-ақ, халықты турақ жай менен тәмийинлеў мақсетинде
2021-жыл 11-мартта қабыл етилген ПП-6186-санлы Президент пәрманға муўапық, республикамыз бойынша жәми 1480 квартиралы 43 көп қабатлы жайлар, соннан Нөкис қаласында жаңа тәртип шеңберинде исбилерменлик субъектлери тәрепинен қурылатуғын 400 квартиралы 16 қабатлы 5 турақ жай,  аўыллық жерлерде 380 квартиралы 5 қабатлы 13 турақ жай ҳәм “Қишлоқ қурилиш Инвест” Инжиниринг компаниясының қатнасыўында аўыллық жерлерде 700 квартиралы
5 қабатлы 25 жайдың қурылысы режелестирилген.

“Қишлоқ қурилиш Инвест” Инжиниринг компаниясы ҳәм исбилерменлик субъектлери тәрепинен аўыллық жерлерде қурылатуғын көп қабатлы жайлардың жойбарлаў-смета ҳүжжетлери “Қишлоққурилишлойиҳа” жуўапкершилиги шекленген жәмийети  тәрепинен, ал, Нөкис қаласында жаңа тәртип шеңберинде исбилерменлик субъектлери тәрепинен қурылатуғын  көп қабатлы жайлардың жойбарлаў-смета ҳүжжетлери Самарқанд қаласындаги “Univer Pro Style” жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен ислеп шығылып, экспертиза жуўмақлары алынды ҳәм бүгинги күнде қурылыс жумыслары алып барылмақта.

Буннан тысқары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумыныӊ 2021-жыл 4-майдағы Кегейли, Шымбай ҳәм Қараөзек районларын 2021-2022-жылларда социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, сондай-ақ, район аймағындағы социаллық тараў мәкемелери, автомобиль жоллары ҳәм басқа да инфраструктура объектлеринде қурылыс, реконструкциялаў ҳәм абаданластырыў жумысларын алып барыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Бюджет кодексиниң 126-статьясы 5-бөлими ҳәм «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 15-статьясы 19-бәнтине муўапық 325, 326 ҳәм 327-санлы қарарлары қабыл етилди.

Жоқарыда атап өтилген районларды 2021-2022-жылларда социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўда әмелге асырылатуғын қурылыс, реконструкциялаў ҳәм абаданластырыў жумысларына буйыртпашы етип Министрлер Кеңесиниң бирден-бир буйыртпашы хызмети «Инжиниринг компания»сы бириктирилди.

Районларда ҳәкимшилик имаратын капитал оӊлаў, “Жаслар орайы”, “Мәденият орайы”, Дем алыў бағы, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин, улыўма билим бериў мектеплери, МПЖ имаратлары, аўыллық шыпакерлик пунктлери ҳәм тағы басқада социаллық объектлерде қурылыс, реконструкциялаў ҳәм капитал оӊлаў жумысларын әмелге асырыў режелестирилип, бул объектлерде қурылыс-оӊлаў жумыслары әмелге асырылып пайдаланыўға тапсырылды.

Республикамыз қурылысшылары өзлериниң усындай пидәкерлик мийнетлери менен мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 31 жыллық байрамы ҳәм кәсиплик байрамына мүнәсип саўғалар таярламақта.

Пурсаттан пайдаланып, қурылыс тараўында мийнет етип атырған барлық кәсиплеслеримизди өзлериниң кәсиплик байрамы менен қызғын қутлықлайман. Илайым қолы гүл қурылысшыларымыздың дөретиўшилик жумысларында табыслар болып, елимиздиң еле де гүллеп раўажланыўына өзлериниң үлеслерин қосыўына тилеклеспен. Байрам-байрамға улассын әзиз кәсиплеслер!

Қарақалпақстан Республикасы Қурылыс министрлиги Мәлимлеме хызмети.

Қарақалпақстан хабар агентлиги