Қырғызстанның Бишкек қаласында Түркий мәмлекетлер шөлкеми Ақсақаллар Кеңесиниң гезектеги мәжилиси болып өтпекте.

Оған Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң Ақсақаллар Кеңесиниң Өзбекстандағы ағзасы, Сенаттың Жаслар, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитетиниң баслығы Бахтияр Сайфуллаев та қатнаспақта.

Кеңестиң гезектеги мәжилиси шеңберинде Қырғызстан Республикасы Президенти Садир Жапаров қатнасыўшылар менен ушырасты.

С.Жапаров жасы үлкенлер жәмийет ҳәм мәмлекет түрмысында әҳмийетли орын ийелеп атырғанын атап өтип, глобалласыў дәўиринде шөлкемлестирилген Ақсақаллар Кеңеси дүньядағы ең күшли шөлкемлерден бирине айланатуғынына исеним билдирди.

Қырғызстан басшысы Өзбекстан Ақсақалы менен сәўбет даўамында Өзбекстанға сапары даўамында көргенлери дүнья танымын пүткиллей өзгертип жибергенин, ашық басқарыўда Шавкат Мирзиёевтен көп нәрсе үйренгенин атап өткен.

С.Жапаров усы жыл Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң Самарқанд саммитине, әлбетте, қатнасатуғынына ҳәм усы саммит жоқары дәрежеде өткерилетуғынына исеним билдирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги