Президент Шавкат Мирзиёев 9-август күни халықаралық транспорт коридорларын раўажландырыў ҳәм диверсификациялаў бойынша презентация менен танысты.

Мәмлекетимизде санаат, исбилерменлик барған сайын раўажланып бармақта. Жыл басынан берли 50 мың жаңа кәрхана шөлкемлестирилген, экспортёрлар саны 7 мың 500 ден артқан. Экспорт көлеми өткен жылға салыстырғанда 1,3 есеге көбейип, 8 миллиард 200 миллион долларға жеткен.

Экономикада өндирис қаншелли әҳмийетли болса, өнимди жеткерип бериў де соншелли әҳмийетли. Әсиресе, ҳәзирги ўақытта дүнья жүзинде логистика машқалалары ҳәўиж алған жағдайда бул оғада әҳмийетли есапланады.

Сол себепли мәмлекетимиз тәрепинен экспортшы кәрханалар ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланбақта. Усы жылы елимиз өнимлери 32 жаңа базарға кирип барды. Жәҳән саўда шөлкемине кириў бойынша жумыслар да жеделлеспекте.

Дүнья жүзинде жүк тасыў қәрежетлериниң артқанын есапқа алып, экспортёрларға бул қәрежетлердиң бир бөлегин қаплаў ушын мәмлекет тәрепинен 170 миллиард сум компенсация берилди. Сондай-ақ, Европаға таяр өнимлерди экспорт етиўши кәрханаларға транспорт қәрежетлери ушын субсидия муғдары 50 проценттен 70 процентке арттырылды.

Мәмлекетимиз өнимлери сырт елге, тийкарынан, 9 транспорт коридоры арқалы тасылады. Презентацияда ҳәр бир транспорт коридоры бойынша әҳмийетли мәселелер ҳәм оларды шешиў бойынша усыныслар додаланды.

– Транспорт тараўын раўажландырыў экономиканың бәсекиге шыдамлылығын арттырыў ушын әҳмийетли тийкар. Транспортта жүк тасыўдың өзине түсер баҳасы төмен болса, ҳәм экспорт, ҳәм инвестиция көбейеди, – деди Шавкат Мирзиёев.

Транспорт министрлигине исбилерменлер ушын ең оптимал жолларды усыныс етиў ҳәм олардың транспорт қәрежетлерин қысқартыў ўазыйпасы қойылды.

Европаға экспорт жүклерин тасыў ушын қосымша рухсатлар алыў әҳмийетли екени атап өтилди. Автомобильде жүк тасыў ушын Пакистан ҳәм Түркменстан менен қоспа транспорт компанияларын шөлкемлестириў усынысы билдирилди.

«Қоңырат – Бейнеў» халықаралық автомобиль жолы реконструкциясын жеделлестириў, жүк вагоны өндирис қуўатлылықларын толық иске қосыў бойынша көрсетпелер берилди.

ӨзА