Қәдирли шахматшылар!

Әзиз перзентлерим!

Бәринен бурын, сиз, әзизлерди ҳәм сизлердиң тымсалыңызда көп миллетли халқымыздың турмысында үлкен қуўанышлы ўақыя – Ҳиндстанның Ченнай қаласында өткерилген 44-Пүткилжәҳән шахмат олимпиадасына ҳәр тәреплеме мүнәсип қантасып, Олимпиада чемпионы деген жоқары мәртебеге миясар болғаныңыз бенен шын жүректен қутлықлап, өзимниң терең ҳүрметим ҳәм жақсы тилеклеримди билдиремен.

Сизлер дүньяның мине, мен деген шахмат шеберлериниң қатнасыўында ҳәр еки жылда бир мәрте өткерилетуғын, 188 команда қатнасқан бул абырайлы шахмат жарысындағы үлкен жеңисиңиз бенен елимиздиң спорт тарийхында жаңа бет ашып бердиңиз.

Пүткил халқымыз дүньядағы әне усы жарысларда сизлердиң ҳәр бир беллесиўиңизди «көк экран» ҳәм Интернет арқалы үлкен қызығыўшылық ҳәм толқынланыў менен бақлап барды.

Өз гезегинде, интеллектуаллық потенциалы жоқары болған жас шахматшыларымыз да бундай жоқары исенимди ақлап, халқымызға таза жеңислерди сыйлады.

Сизлердиң бул үлкен жеңисиңиз Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 31 жыллық даңқлы байрамына мүнәсип саўға болды.

Бул жарыста елимиздиң абырайын мүнәсип қорғаған Нодирбек Абдусаттаров, Нодирбек Яқуббоев, Жавоҳир Синдоров, Жаҳонгир Воҳидов, Шамсиддин Воҳидов сыяқлы перзентлеримиздиң қәбилетине пүткил дүнья және бир мәрте тән берди.

Әсиресе, Жаҳонгир Воҳидовтың соңғы ойындағы жеңиси сайланды командамыздың тарийхый жеңисин тәмийинледи.

Соны айрықша мақтаныш пенен атап өтиў керек, спорттың шахмат түринде пүткил дүньяда даңқ таратқан Ҳиндстан, АҚШ, Армения, Нидерландия, Испания, Уллы Британия, Германия сыяқлы мәмлекетлердиң  ўәкиллери қатнасқан бул олимпиадаға сайланды командамыз мүнәсип қатнасып, бирде-бир ойында жеңилмеди.

Сизлер сол тәризде өзбек шахмат мектебиниң абырайын жоқары басқышқа алып шықтыңыз. Сизлер сыяқлы умтылыўшаң, халықшыл жаслар ең үлкен байлығымыз, миллетимиздиң «алтын фонды», десем, пүткил халқымыздың пикирин билдирген боламан, деп ойлайман.

Мине, усындай зийрек ҳәм үлкен потенциаллы перзентлерди тәрбиялап камалға келтиргени ушын ата-аналарыңыз бенен устазларыңызға шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

Өзбекстанның шахматшы қызлары да бул халқаралық жарысқа мүнәсип қатнасып, өзлериниң потенциалы жоқары екенин айқын көрсетти. Усы жерде оларға да шын жүректен рахмет айтаман.

Бүгин жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелеген спортшыларымызды таярлаўда ҳақыйқый пидайылық көрсеткен сайланды командамыздың тәжирийбели тренерлери Иван Соколов, Владимир Егинге де өзимниң терең миннетдаршылығымды билдиремен.

Сизлердиң бүгинги мисли көрилмеген жеңисиңиз елимизде бәркамал әўладты тәрбиялаў, денетәрбия ҳәм спорт, атап айтқанда, шахматқа берилип атырған үлкен итибар ҳәм ғамқорлықтың айқын әмелий нәтийжеси болып табылады.

2026-жылы Өзбекстанда болып өтетуғын 46-Пүткилжәҳән шахмат олимпиадасына да елимиздиң ўәкиллери мүнәсип қатнасып, жоқары шеклерди ийелейтуғынына беккем исенемен.

Үлкен жеңис және бир мәрте мүбәрек болсын, әзиз перзентлерим!

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти