Президент Шавкат Мирзиёев «Мәмлекетлик пуқаралық хызмет ҳаққында»ғы Нызамға қол қойды.

Бул нызам 118 мыңнан аслам мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлердиң жумысына байланыслы барлық қарым-қатнасықларды бирден-бир қағыйдалар тийкарында тәртипке салады.

Нызам менен мәмлекетлик хызметкерлер тәрепинен:

– жақын туўысқанлықта тиккелей бойсыныў астындағы лаўазымды ийелеў;

– исбилерменлик пенен шуғылланыў;

– өз хызметин орынлаў есесине пуқаралардан сыйлық алыў;

– Өзбекстаннан тысқарында есап бетлерин ашыў;

– сырт мәмлекеттиң пуқаралығын алыў сыяқлы жағдайларға шеклеў орнатылды.

Сондай-ақ, ҳүжжет пенен коррупцияға байланыслы жынаятларға қол урған шахслардың мәмлекетлик пуқаралық хызметине қабыл етилмеўи ҳәм басқалар белгиленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги