Кеше Президент Администрациясы басшысы Сардар Умурзақовтың басшылығында өткерилген селектор мәжилисинде 7-август күни Ташкент қаласында жүз берген ҳәм халықтың кескин наразылығына себеп болған тереклердиң набыт етилиўи мәселеси қатты сынға алынды. Президент тапсырмасына тийкарланып Ташкент қаласы Чиланзар районының ҳәкими Ш.Мавланов ҳәм прокуроры И.Базаров лаўазымынан босатылды.

Сондай-ақ, жуўапкерсизликке жол қойғаны ушын Ташкент қаласы ҳәкими Ж.Ортиқхужаевқа ҳәм прокуроры У.Қасимовқа қатаң сөгис жәриялады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги