Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң ҳәптелик режеси мәлим етилди.

Президенттиң баспасөз хаткери Шерзод Асадов бул ҳаққында мағлыўмат берди.

Мәмлекет басшысының бул ҳәпте ушын жумыс режесинде мәмлекетимиздиң экономикалық-социаллық раўажланыўына бағышланған мәжилис, додалаўлар, атап айтқанда, металлургия санааты, Ташкент қаласында әмелге асырылып атырған жойбарлардың презентациясы ҳәм улыўма етип айтқанда кең жәмийетшиликтиң итибарында болған мәселелерге байланыслы илажлар орын алған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги