Ҳүрметли темир жол тараўы хызметкерлери!

Қәдирли ветеранлар!

Бәринен бурын, сиз, әзизлерди – шебер жумысшылар менен хызметкерлерди, қурылысшы ҳәм инженерлерди, машинист ҳәм вагон бақлаўшыларын, усы системада аянбай хызмет етип атырған жерлеслеримизди Темир жол транспорты хызметкерлери күни менен шын жүрегимнен қутлықлап, өзимниң терең ҳүрметим ҳәм жақсы тилеклеримди билдиремен.

Жаннан әзиз Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң даңқлы 31 жыллық байрамы алдынан белгиленип атырған бул қуўанышлы әййямда сизлердиң жуўапкершиликли ҳәм мақтанышлы жумысыңыз ҳаққында сөз етер екенбиз, ғәрезсизлик жылларында «Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийети де үлкен раўажланыў жолын басып өткенин қанаатланыўшылық пенен атап өтемиз.

Ғәрезсизлик жылларында 2 мың 400 километрден аслам жаңа темир жоллар қурылғаны, әмелдеги темир жоллардың  3 мың километринен зыяты электрлестирилгени, 1 мың 100 километр бөлеги қайта тикленгени тараўда тарийхый қысқа дәўирде үлкен жумыслар әмелге асырылғанынан дәрек береди.

Сизлердиң пидәкерлик мийнетиңиз бенен елимизде халық ҳәм экономика тармақларының талаплары менен зәрүрликлерин тәмийинлейтуғын заманагөй темир жол системасы қурылып, күни-түни нәтийжели жумыс алып барып атырғаны, әлбетте, итибарлы болып табылады.

Ҳүрметли тараў хызметкерлери!

Биз Жаңа Өзбекстанды қурыўдай уллы ҳәм ийгиликли мақсетлерди өз алдымызға қойған екенбиз, заманагөй раўажланыў факторы болған темир жол тараўының раўажланыўына айрықша итибар бериўимиз тәбийғый жағдай.

Усы мақсетте кейинги жылларда бул бағдарда әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларымыздың нәтийжесинде Өзбекстанның транзит потенциалы ҳәм абырайы артып бармақта.

Елимизде темир жол тармақларының кеңейип атырғаны барлық аймақларымызды өз-ара теңсалмақлы раўажландырыў, бай минерал шийки зат ресурсларын комплексли өзлестириўде жаңадан-жаңа имканиятлар ашып атырғанына гүман жоқ. Усы мәниде, темир жоллар – мәмлекеттиң өмир бағышлайтуғын қан тамырлары, деген гәп әйне ҳақыйқат болып табылады.

Әлбетте, халқымыздың узағын жақын, аўырын жеңил етиўде темир жол ең қолайлы ҳәм қәўипсиз транспорт түри екенин бәршемиз жақсы билемиз. Әсиресе, «Инсан қәдири ушын» деген ийгиликли принцип барлық реформаларымыздың орайына қойылып атырған  бүгинги күнде бул транспорттың турмысымыздағы орны ҳәм әҳмийети буннан былай да артып бармақта, десек, ҳәр тәреплеме дурыс болады.

Сол ушын темир жол арқалы жүк ҳәм жолаўшы тасыў көлемин арттырыў, олардың қәўипсизлигин тәмийинлеў, хызметлер сапасын жақсылаў, тараўдың материаллық-техникалық базасы ҳәм кадрлар потенциалын буннан былай да беккемлеўге баслы ўазыйпа сыпатында қаралмақта. Атап айтқанда, локомотивлер, жүк ҳәм жолаўшы вагонлары парки модернизацияланып, жаңа вокзаллар, инженерлик объектлер қурылмақта, жоқары маманлықтағы кадрлар таярлаў, олардың билими менен тәжирийбесин турақлы арттырып барыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Тараўда алып барылып атырған избе-из реформлардың нәтийжесинде  пайтахтымыз Ташкент қаласында Юнусабад, Сырғалы жер асты ҳәм жер үсти метро жөнелислери пайдаланыўға тапсырылғаны, ески Хийўа қаласына темир жол тармағы тартылып, заманагөй вокзал қурылғаны ҳәм басқа да ири жойбарларды атап өтиў орынлы.

Бул жумыслардың үзликсиз даўамы сыпатында Ташкент қаласында жер үсти метросының айланба жолын қурыў, Бухара – Мискин темир жол тармағын электрлестириў, Шабат – Қараөзек жаңа темир жол линиясы және Әмиўдәрья бойлап темир ҳәм автомобиль жолларының көпирин қурыў бойынша жедел жумыслар алып барылмақта.

Бүгинги жедел раўажланыў дәўиринде тараўды буннан былай да раўажландрыў бойынша алдымызда оғада үлкен ҳәм әҳмийетли ўазыйпалар турғанын сизлер жақсы түсинесиз, деп ойлайман. Атап айтқанда, Жаңа Өзбекстанның Раўажланыў стратегиясы талаплары тийкарында елимиздиң темир жол системасын модернизациялаў, тараўға сырт ел инвестицияларын кеңнен тарта отырып, ири ҳәм перспективалы жойбарларды әмелге асырыў, жаңаша пикирлейтуғын, халқымыз ҳәм Ўатанымызға садық хызмет ететуғын заманагөй кадрларды таярлаў бойынша еле көп жумыс ислеўимиз керек.

«Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийетиниң көп миллетли ҳәм татыў жәмәәти өзиниң пидайы мийнети, дөретиўшилик потенциалы менен әне усы ўазыйпаларды табыслы орынлап, елимиздиң темир жол тараўын, әлбетте, жаңа басқышқа алып шығаратуғынына беккем исенемен.

Қәдирли ўатанласлар!

Бүгин – мине усы қутлы әййямда тараў хызметкерлериниң мийнетинен кеўли толып киятырған мыңлаған жерлеслеримиздиң жақсы тилеклерин сәўлелендире отырып, сиз, әзизлерге жанажан Ўатанымыздың раўажланыўы ҳәм абаданлығы жолындағы жемисли мийнетиңиз ушын өзимниң атымнан, пүткил халқымыздың атынан шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

Сизлерди кәсиплик байрамыңыз бенен және бир мәрте шын жүректен қутлықлап, бәршеңизге денсаўлық, ийгиликли жумысларыңызда табыслар менен әўметлер, шаңарақларыңызға тынышлық-қәтержамлық ҳәм қут-берекет тилеймен

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти