Президент Ш.Мирзиёевтиң 2017-жыл 15-16-декабрь күнлери Қарақалпақстан Республикасында болған сапары даўамында республикада ашшы бурышты жетистириўди жедел раўажландырыў бойынша берген тапсырмалары тийкарында Қанлыкөл районы «Аймурат Қаңлы» фермер хожалығы баслығы Р.Султанов ашшы бурыш егиў технологиясын үйрениў мақсетинде Индонезия мәмлекетинде тәжирийбе арттырып келди.

Сапар даўамында фермер хожалықлары жер майданларында экспортбап ашшы бурыш егиў агротехнологиясы менен жақыннан танысты.

Р.Султанов Қарақалпақстан Республикасының жергиликли ықлымына сәйкеслестирилген ашшы бурыштың Марғулон 330, Пикант, Ушқын, Алтын рең, Саид ҳәм шет елдиң Биг Мама Ғ1, Шакира Ғ1, Лота Ғ1, Лобна Ғ1 сортларының районластырылған егиў технологиясын ҳәмде минерал төгинлер менен азықландырыў, зыянкеслерге қарсы гүресиў усылларын үйренип келип, ҳәзирги ўақытта өз фермер хожалығында ашшы бурыш жетистириў бойынша жумыслар алып бармақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги