Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри ўазыйпасын атқарыўшы  Владимир Норов «Корея-Өзбекстан» парламент Дослық аўқамының баслығы Пак Кванг Он басшылығындағы Корея Республикасы Миллий Ассамблеясы делегациясы менен ушырасыў өткерди.

Сөйлесиў барысында атап өтилгениндей, Қубла Корея парламенти ўәкиллериниң Өзбекстанға сапары ашық-айдынлық, өз-ара ҳүрмет ҳәм бир-бириниң мәплерин есапқа алыў принципине тийкарланған дослық, арнаўлы стратегиялық шериклик қатнасықларын сәўлелендиреди. Бул ушырасыў әмелдеги байланысларды буннан былай да кеңейтип, беккемлеп атырғанынан және бир мәрте дәрек берди.

Пак Кванг Он Корея Республикасы Жаңа Өзбекстандағы кең көлемли өзгерислер, соның ишинде, мәмлекеттиң тийкарғы нызамын реформалаў бойынша көрилип атырған илажлар процесин қатаң қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди.

Миллий Ассамблея Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 2021-жыл декабрь айында Корея Республикасына мәмлекетлик сапарында ерисилген келисимлердиң орынланыўына жәрдемлесиўге таяр екени атап өтилди.

Ҳәр түрли дәрежедеги, соның ишинде, «Орайлық Азия+Корея Республикасы»  форматындағы болажақ илажлар кестеси бойынша пикир алысылды.

Санластырыў ҳәм электрон ҳүкимет тараўларындағы бирге ислесиўди жеделлестириў, қоспа инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў арқалы экономикалық дипломатияны жедел алға қойыўға айрықша итибар қаратылды. Пак Кванг Онның атап өтиўинше, Өзбекстан Корея Республикасы ушын инвестиция киргизиў, биргеликтеги қосымша өндирис қуўатлықларын шөлкемлестириў ҳәм бизнес жүргизиў жағынан тартымлы мәмлекет болып қалмақта.

Ғ.Хонназаров,

ӨзАның хабаршысы