Президент Шавкат Мирзиёев 3-август күни сорастырыў ҳәм тергеў уйымлары ушын кадрлар таярлаў системасын жетилистириў бойынша режелер презентациясы менен танысты.

Тийисли уйымлардың жуўапкерлери тергеў ҳәм дәслепки сорастырыўларды алып барыўдағы машқалалы факторлар, жаңадан пайда болып атырған қәўип-қәтер ҳәм жынаят түрлерин есапқа алған ҳалда тергеўши кадрлардың потенциалын арттырыўға қаратылған илажлар бойынша мәлимлеме берди.

Атап айтқанда, коррупциялық ҳуқықбузарлықлар, экономикалық жынаятшылық ҳәм кибермәканда ямаса мәлимлеме технологияларынан пайдаланған ҳалда исленип атырған жынаятларды тергеў бойынша жумыстың методикалық тәмийинлениўин жетилистириў зәрүр екенлиги айрықша атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы заман талаплары ҳәм халықаралық стандартлар тийкарында сорастырыў және тергеў уйымлары ушын профессионал кадрлар таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын үзликсиз арттырып барыўдың жаңа нәтийжели системасын жаратыў бойынша тапсырмалар берди.

ӨзА