Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 28-июль күни ШБШға ағза мәмлекетлердиң Сыртқы ислер министрлери кеңесиниң илажларына қатнасыў ушын елимизге келген Қытай Халық Республикасы Мәмлекетлик кеңесиниң ағзасы, сыртқы ислер министри Ван И басшылығындағы делегацияны қабыл етти.

Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеў ҳәм көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.

Регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў перспективалары бойынша пикир алысылды, соның ишинде, Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң болажақ Самарқанд саммитиниң күн тәртиби көрип шығылды.

Ушырасыў басында Қытай сыртқы ислер министри мәмлекетимиз басшысына ҚХР Баслығы Си Цзиньпинниң сәлемин ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди. Қытай тәрепи барған сайын жоқары пәт пенен раўажланып атырған еки тәреплеме қатнасықлардың бүгинги дәрежесин жоқары баҳалап атырғаны атап өтилди. Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған сиясий жаңаланыўлар ҳәм социаллық-экономикалық реформалар толық қоллап-қуўатланып атырғаны атап өтилди.

Қытай дәстүрий түрде елимиздиң жетекши ҳәм исенимли шериклеринен бири екенин айтыў керек. Саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиў жедел раўажланбақта. Усы жылдың басынан өз-ара саўда көлеми 35 процентке артты. Жыл ақырында товар алмасыўдың көрсеткишлери 10  миллиард долларға жақынласыўы күтилмекте.

Қытай компаниялары ҳәм банк институтларының қатнасыўында санаат кооперациясы ҳәм инфраструктураны модернизациялаў бойынша бир қатар ири инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта. Кейинги жылларда Өзбекстан экономикасына қаратылған инвестициялардың көлеми 10 миллиард доллардан асты.

Мәмлекетимиз жетекшиси өз-ара пайдалы бирге ислесиўди, бәринен бурын, кәмбағаллыққа қарсы гүресиў, аўыл хожалығы ҳәм санаат өнимлерин экспорт етиў, инновацияларды енгизиў, альтернатив энергетика «бултлы» технологиялар, IT сыяқлы ҳәм басқа бағдарларда түп-тийкарынан кеңейтиў ушын имканиятлар бар екенин айрықша атап өтти.

Гуманитар, соның ишинде, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў, вакциналар ислеп шығарыў ҳәм қәнигелестирилген медицина мәкемелерин шөлкемлестириў бағдарындағы алмасыў бағдарламасын алға қойыўға айрықша әҳмийет қаратылды.

Стратегиялық регионаллық жойбарларды, бәринен бурын, «Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан» ҳәм «Термиз – Мозори-Шариф – Қабул – Пешовар» темир жоллары жойбарларын таярлаў ҳәм әмелге асырыўды жеделлестириўге байланыслы мәселелер айрықша көрип шығылды.

Ушырасыўда Аўғанстанның тыныш раўажланыўы ҳәм экономикалық тиклениўине әмелий жәрдем бериў бағдарындағы өз-ара ҳәрекетлер қоллап-қуўатланды. Қытай делегациясы күни кеше усы мәселелерге бағышлап өткерилген Ташкент конференциясының нәтийжелерин жоқары баҳаланды.

ӨзА