Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаровтың мирәт етиўине бола 20-июль күни Шолпаната қаласына келди.

 Аэропортта мәмлекетимиз басшысын Қырғыз Республикасы Миинстрлер Кабинетиниң Баслығы – Президент Администрациясының Басшысы Ақылбек Жапаров ҳәм басқа да рәсмий адамлар күтип алды.

Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының саммити алдынан Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев, Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев ҳәм Қырғызстан Президенти Садир Жапаровтың рәсмий емес ушырасыўы болып өтти.

Мәмлекет басшылары биргеликте «Номад» мәденият орайына барды. Өнерментшилик буйымларының көргизбеси көзден өткерилди. Соң көшпелилердиң ойынлары көрсетилди.

Орайлық Азия халықларының нама-қосықларынан дүзилген концерт бағдарламасында еллеримиздиң бирлиги, мәдений жақынлығы көзге тасланды.

Бурын хабар етилгениндей, 21-июль күни Шолпанатада Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўы болып өтеди. Саммитте, саўда, транспорт ҳәм логистика, санаат кооперациясы, инновациялар, азық-аўқат қәўипсизлиги, туризм, мәдений-гуманитарлық тараўлардағы әмелий бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў мәселелери додаланады. Сондай-ақ, регионда турақлылықты ҳәм избе-из раўажланыўды тәмийинлеў мәселелери бойынша пикир алысылады.

Бир қатар ҳүжжетлерге қол қойыў нәзерде тутылған.

Орайлық Азия Мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўларын өткериў басламасы Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен 2017-жылы Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас ассамблеясының 72-сессиясында алға қойылған еди.

Регион жетекшилериниң биринши саммити 2018-жылы март айында Нур-Султан қаласында, екиншиси 2019-жылы ноябрьде Ташкент қаласында, үшиншиси өткен жылдың август айында Түркменстандағы «Аваза» миллий туристлик зонасында болып өткен.

ӨзА