Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 29-июнь күни Түркменстан Миллий Кеңеси Халық Мәсләҳәтиниң Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов пенен телефон арқалы сөйлести.

Сөйлесиў алдынан мәмлекетимиз басшысы Гурбангули Бердимуҳамедовты 65 жыллық юбелейи менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм табыслар, дос Түркменстан халқына тынышлық-парахатшылық ҳәм раўажланыў тиледи.

Гурбангули Бердимуҳамедовтың заманагөй Түркменстанды қурыў ҳәм мәмлекеттиң халықаралық майдандағы абырайын арттырыў, Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеўге қосқан үлкен үлеси айрықша атап өтилди.

Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовтың Өзбекстанға болажақ сапарына таярлық шеңберинде еки мәмлекеттиң көп қырлы бирге ислесиўин буннан былай да кеңейтиў мәселелери додаланды.

Саўда ҳәм санаат, транспорт ҳәм логистика, энергетика, аўыл хожалығы тараўларында қоспа кооперация жойбарларын алға қойыў ҳәм аймақлараралық байланыслар ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўды жеделлестириўге айрықша итибар қаратылды.

Регионаллық бирге ислесиўдиң әҳмийетли тәреплери, соның ишинде, Аўғанстанда беккем тынышлықты тәмийинлеўге ҳәм усы мәмлекетти социаллық-экономикалық тиклеўге жәрдемлесиў мәселелери бойынша пикир алысылды.

Өзбекстан жетекшиси усы күнлерде Түркменстан пайтахтында өткерилип атырған алтыншы Каспий саммитиниң табыслы өтиўин тиледи.

ӨзА