Орайлық сайлаў комиссиясы референдум өткеретуғын комиссиялар ағзаларының маманлығын арттырыў ҳәм жумыс нәтийжелилигин жақсылаў және қәлиплестириў мақсетинде бир қатар шөлкемлер менен бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойды.

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясы, Әдиллик министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Судьялар жоқары мектеби, Жәмийетлик қәўипсизлик университети, Бас прокуратура академиясы, Ишки ислер министрлиги академиясы, Бажыхана институты арасында дүзилген келисим тийкарында биргеликте жумыс алып барылады.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң усынысына бола усы жылы өткерилетуғын референдум дәслепки мәрте «Өзбекстан Республикасының референдумы ҳаққында»ғы нызамына киргизилген жаңа қағыйдалар тийкарында өткериледи.

Референдумды жоқары дәрежеде шөлкемлестириў, улыўма тән алынған халықаралық принциплер, алдынғы миллий ҳәм сырт ел тәжирийбеси тийкарында өткериў мақсетинде референдум өткеретуғын комиссиялар ағзаларының билим ҳәм әмелий көнликпелерин беккемлеўде системалы семинар-тренинглерди шөлкемлестириў ҳәм оларды илимий-методикалық жақтан тәмийинлеў керек.

ОСК тәрепинен жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте референдум өткеретуғын комиссиялар ағзаларының референдум нызамшылығы ҳәм даўыс бериўде заманагөй мәлимлеме технологияларын қолланыў бойынша теориялық билими ҳәм әмелий көнликпесин арттырыўға қаратылған семинар-тренинглерди шөлкемлестириў ҳәм өткерилиўин муўапықластырыў бойынша республикалық штаб дүзиледи.

Бирге ислесиўши шөлкемлердиң қәнигелери арасынан референдумға байланыслы ҳәм әмелият бойынша жоқары маман экспертлер қурамы қәлиплестириледи. Бул штаблардағы экспертлердиң ўәкиллик ҳәм ўазыйпалары белгиленеди.

Семинар-тренинглерди шөлкемлестириў ҳәм өткериў үш басқыштан ибарат болады. Биринши басқышта шөлкемлестириў-методикалық жумыслар әмелге асырылады. Атап айтқанда, жоқары маман экспертлер тәрепинен ОСК менен келисилген ҳалда семинар-тренинглердиң оқыў бағдарламалары ҳәм оқыў-методикалық материаллары таярланады ҳәм тастыйықланады.

Өз гезегинде, республикалық штаб тәрепинен – мәмлекеттиң жетекши жоқары билимлендириў шөлкемлериниң профессор-оқытыўшылары арасынан Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәр бирине 6-8с ден жәми 100 республика тренерлери қурамы қәлиплестириледи.

Аймақлық штаблар тәрепинен – республиканың 208 район ҳәм қалалары кесиминде семинар-тренинглерди шөлкемлестириў ушын, республикалық штаб тәрепинен таярланған реже кестесинде белгиленген жәми 972 аймақлық тренерлердиң қурамы қәлиплестириледи.

Екинши басқышта референдум нызамшылығы бойынша аймақлық тренерлер ҳәм референдум өткеретуғын комиссиялар ағзалығына талабанларды оқытыў шөлкемлестириледи.

Мәмлекетлик басқарыў академиясында жоқары маман экспертлер тәрепинен 100 республика тренерлери ушын еки күнлик оқыў-бағдарламасына тийкарланып семинар-тренинглер өткериледи. Республика тренерлери тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлардың орайлары ҳәм Ташкент қаласында 972 аймақлық тренерлер ушын еки күнлик оқыў-бағдарламасына тийкарланып семинар-тренинглер өткериледи.

Буннан кейин, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары, ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық Кеңеслери тәрепинен участкалық комиссия ағзалығына (баслық, баслықтың орынбасары, хаткер) талабан сыпатында усыныс етилген жәми 33 мың тыңлаўшының дизими қәлиплестириледи.

Аймақлық тренерлер тәрепинен район ҳәм қала орайларында референдум участкалары ушын мөлшерленген имаратларда 18-24 тыңлаўшыдан ибарат қәлиплестирилген топарлар кесиминде интерактив усылларда участкалық комиссия ағзалығына талабанлар оқытылады.

Үшинши басқышта Сайлаўшылардың бирден-бир электрон дизими ҳәм Сайлаў процесин басқарыў мәлимлеме системасында жумыс ислеў бойынша тренерлер ҳәм референдум өткеретуғын комиссиялар ағзалығына талабанларды оқытыў шөлкемлестириледи.

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы