17-июнь күни Наманган ўәлаятында «VODIY FOLK» республикалық фестивалы болып өтти. 

Онда Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласынан биреўден фольклор ансамбльлери қатнасты.

Фестивальға республикамыз атынан қатнасқан Кегейли районлық мәденият бөлимине қараслы «Ақтуба» фольклор ансамбли ағзалары да өзлериниӊ таярлаған сахналық көринисин көрсетип, сыйлы 3-орынды ийелеўге миясар болды ҳәм Өзбекстан Республикасы Мәденият минстрлигиниӊ арнаўлы дипломы ҳәм 30 миллион сумлық сертификаты менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы