Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 16-май күни елимизде сапар менен болып турған Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң Бас хаткери Чжан Минди қабыл етти.

ШБШ шеңберинде әмелий бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў ҳәм регионаллық шерикликти беккемлеў, сондай-ақ, Өзбекстанның Шөлкемге басшылығы шеңберинде тийкарғы илажларға таярлық көриў мәселелери көрип шығылды.

Усы жылға режелестирилген ушырасыў ҳәм мәжилислердиң ярымы табыслы өткерилгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Самарқанд қаласында болажақ ШБШ саммити ҳүжжетлерин келисиў бойынша жедел жумыс алып барылмақта.

Турақлылық ҳәм қәўипсизликке қәўип туўдырып атырған қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўде Шөлкемниң потенциалын күшейтиў, «Шанхай руўхы» принциплери тийкарында көп тәреплеме бирге ислесиўди тереңлестириў зәрүрлиги атап өтилди.

Транспорт тараўында өз-ара байланыслылық, «жасыл» энергетика, инновациялар, санлы экономика, санаат кооперациясы бағдарындағы қоспа жойбарларды алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.

Пандемиядан кейинги дәўирде жедел мәдений-гуманитарлық байланыслар ҳәм туризм алмасыўын қайта тиклеў зәрүрлиги ҳаққында исенимли пикир билдирилди.

Ушырасыўда халықаралық күн тәртибиниң әҳмийетли машқалаларына да тоқтап өтилди. Аўғанстан мәселесинде ШБШның ролин арттырыў ҳәм усы мәмлекетти инфраструктуралық раўажланыў бойынша регионаллық бағдарламаларға жедел тартыў зәрүрлиги атап өтилди.

ӨзА