Қарақалпақстан радиосына–90 жыл         

Суткасына 12-14 саатлап жумыс ислеген мийнет адамлары өз жумысын, ертеӊги күнин фронттан келетуғын қуўанышлы хабарлар менен байланыстырып, үлкен үмит пенен жасағанлықтан да, областьлық партия комитети менен республикалық шөлкемлер радио-еситтириўлердиӊ үзиликсиз ислеўи ушын ғамқорлық етсе де фронт материалларын халыққа оператив жеткериўде айырым кемшиликлерге жол қойылды. Сонлықтан да областьлық партия комитетиниӊ органы болған «Қызыл Қарақалпақстан» газетасы 1941-жыл, 27-июнь санында былай деп жазды: «Қарақалпақ радиокомитети өзиниӊ ҳәм узельлердиӊ жумысын қайта қуратуғын ўақты жетти. Материаллардыӊ сапасын жақсартып, редакторлардыӊ өз жумысына жуўапкершилигин арттырыў күтә зәрүр. Дикторлар микрофонда оқыйтуғын материалларға күн бурын таярланып, қәтесиз оқыйтуғын болыўы керек. Информбюроныӊ материалларын газеттен оқып бериў менен шекленбей, оны радио арқалы газеттен бир күн бурын, яғный, алынған күни еситириўди шөлкемлестириўи лазым».

Әлбетте бул сыннан кейин радио жумысында унамлы өзгерислер жүз берди. Дикторлар ерте келип, дүзетиў енгизилген материалларды қәтесиз оқыў ушын бир неше рет тәкирарлайтуғын болды.

Урыс майданынан еситтирилген ҳәр бир қуўанышлы хабар мийнетткешлерди қаншадан-қанша руўхландырды дейсиз.Сөйтсе де урыстыӊ дәслепки жыллары фронттан келген хабарлар суўық ҳәм тәшўишли еди. Бираз қалаларды таслап, бизиӊ әскерлердиӊ ўақытша шегиниўине туўра келди. Ўақыт шынында да аўыр еди. Дикторларға эфирден күн сайын адамныӊ баўырын езип, жанын ашытатуғын мағлыўматларды оқыўға туўра келди. Бундайда диктордыӊ даўысы да, интонациясы да шешиўши әҳмийетке ийе еди. Адамлар ушын жағымсыз хабарларды оқығанда диктордыӊ даўысы тыӊлаўшыларды сары уўайымға салып, сарсылдырмаўы тийис екенлигин дикторлар түсинди. Оныӊ даўысы ҳәтте, шарашағанды шығарып, тәнге түскен жараны умытыўға мәжбүрлеўи керек еди. Ол бәринен де бурын душпанға өшпенлиликти арттырыўы ҳәм қанға-қан, жанға-жан алыў ушын, жаўынгерлерди гүреске илҳамландырыўға миннетли. Даўыс салмақлы ҳәм қәҳәрли, тыӊлағанда қуўат бериўши, соныӊ менен бирге бизиӊ жеӊисимизге исеним туўдырыўы лазым!

Радиокомитетте қалған азғана хызметкерлер эфирге берилген еситтириўлердиӊ тәсирлилиги ушын гүрести. Олар қәлемин өткирлеп, тәсирли сөзлер, жалынлы қосықлар жазыўға, халқымыздыӊ жеӊиске деген интасын, бәлент патриотлық руўхын көрсетиўши еситтириўлер бериўге ҳәрекет етти. Қарақалпақстан радиосы «Правда» газетасыныӊ 26-июнде шыққан «Бизиӊ исисмиз ҳақ, душпан қыйратылды» деген бас мақаласын, оннан кейинги күнлерде шыққан бас мақалалар менен әҳмийетли газета материалларын қарақалпақ тыӊлаўшыларға жеткерип турды.

 

 

  Баспасөз материаллары тийкарында ықшамлап таярлаған:

 Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.