Президент Шавкат Мирзиёев 1-апрель күни жаслар арасында ғалабалық спортты раўажландырыў илажлары бойынша мәжилис өткерди.

Мәмлекетимизде денетәрбия менен шуғылланыў ушын кең шараятлар жаратылмақта. Соның ишинде, кейинги үш жылда 118 спорт комплекси, мәҳәллелерде 7 мың спорт майданшасы пайдаланыўға тапсырылды.

Ҳәзирги күнде 3 мың 500 мини-футбол, 6 мың баскетбол, волейбол, 663 бадминтон майданлары, мыңнан аслам фитнес заллары бар. Ҳәр бир район ҳәм қала орайларында «Саламатлық жоллары» ҳәм велосипед жоллары шөлкемлестирилди.

Раўажланыў стратегиямызда денетәрбия ҳәм спорт пенен турақлы шуғылланатуғын халықтың санын кейинги бес жылда 33 процентке жеткериў мақсети белгиленген.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 18-февральдағы пәрман ҳәм қарарына муўапық, Спортты раўажландырыў министрлиги шөлкемлестирилген еди. Оның ең әҳмийетли ўазыйпаларынан бири балалар ҳәм жаслар арасында спортты ғалаба ен жайдырыў болып табылады.

Мәжилисте усы бағдардағы режелер таныстырылды.

Спортты раўажландырыў министрлигине мәҳәллелердеги жаслар жетекшилери менен бирге жыл даўамында 6 миллион ул-қызларды ғалабалық спорт илажларына қамтып алыў ўазыйпасы қойылды.

Оның ушын 10-апрельден баслап, мәҳәлле, район, ўәлаят ҳәм республика басқышларынан ибарат ғалабалық спорт илажлары өткериледи. Оларды шөлкемлестириў ушын «Жаслар дәптери» қорынан ҳәр бир ўәлаятта 100 миллион сумға шекем, жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерин сыйлықлаў ушын 1 миллиард сумға шекем қаржы ажыратылады. Ең жақсы нәтийже көрсеткен жаслар район ҳәм қала, ўәлаят және миллий сайланды командалар қурамына сайлап алынады.

Мәҳәллелерде спорт инфраструктурасын жақсылаў, жойбарлардың баҳасын оптималластырып, майданшалар шөлкемлестириў бойынша көрсетпелер берилди.

Ғалабалық спорт илажларында жаслардың қатнасы бойынша мәҳәллелер рейтингин ислеп шығыў, «қанаатланарсыз» деп табылған орынларға белгили тренерлер менен спортшыларды бириктирип, спортты раўажландырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Олимпиада ҳәм паралимпиада ойынлары, халықаралық жарыслардың жеңимпазлары менен мәҳәлле жаслары арасында мотивациялық ушырасыўлар өткериў зәрүр екенлиги айтылды.

Усыларды инабатқа алған ҳалда, ғалабалық спортты және де раўажландырыў, усы жылы Ханчжоуда болып өтетуғын Азия ойынларына пуқта таярлық көриў, спорт тренерлерин таярлаў системасын жетилистириў бойынша қарарлар ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Ҳәммемизге белгили, быйыл 14-март күни бокс бойынша Баҳадир Жалолов, гимнастика бойынша Оксана Чусовитина спорт шеберлиги мектеплерин шөлкемлестириўге байланыслы Президенттиң қарарлары қабыл етилген еди. Мәжилисте бул бағдарда әмелге асырылатуғын жумыслар да таныстырылды.

ӨзА