Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 14-март күни Германия Федеративлик Республикасының Президенти Франк-Вальтер Штайнмайер менен телефон арқалы сөйлести.

Өзбекстан ҳәм Германия арасындағы көп қырлы қатнасықларды буннан былай да беккемлеў ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Сөйлесиў басында мәмлекет басшылары еки мәмлекет арасындағы дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 30 жыллығы мүнәсибети менен бирин-бири қутлықлап, жақсы тилеклерин билдирди.

Бул тарийхый дәўирде еки тәреплеме байланысларды раўажландырыў бағдарында биргеликте үлкен жумыслар исленгени, өз-ара исеним ҳәм шериклик ушын беккем тийкар жаратылғаны айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Жетекшилер Өзбекстан ҳәм Германия арасындағы әмелий бирге ислесиўдиң жағдайы менен перспективаларын да додалады, ҳәр түрли дәрежедеги турақлы сиясий сөйлесиў ҳәм жедел байланысларды даўам еттириў әҳмийетли екенин атап өтти.

Германияның жетекши компаниялары ҳәм банклери менен саўда, инвестициялар, жоқары технологиялар, санаат, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тараўларда қоспа кооперациялық жойбарларды алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.

Финанслық-техникалық жәрдемди ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўларды, бәринен бурын, Өзбекстанда немис тилин тереңлестирип оқытыў тараўында кеңейтиў зәрүрлиги атап өтилди.

Президентлер халықаралық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер, соның ишинде, Украина әтирапында жүзеге келип атырған жағдай бойынша пикир алысты. Жағдайдың буннан былай кескинлесиўине жол қоймаў ҳәм мәселени тез ўақытта тәртипке салыў ушын сиясий-дипломатиялық ҳәрекетлерди даўам еттириў зәрүрлиги атап өтилди.

Телефон арқалы сөйлесиў ҳәр қашанғыдай исеним руўхында ҳәм дослық орталығында өтти.

ӨзА