Президентимиз Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрлигиниң жаңа имаратын барып көрди

20

Президент Шавкат Мирзиёев Жаңа Ташкент аймағындағы дөретиўшилик жумыслары менен таныспақта.

Мәмлекетимиз басшысы дәслеп жер асты автомобиль турыў орны ҳәм пиядалар өтиў жолын қурыў жумысларын көзден өткерди.

Қурылыс майданы 40 мың квадрат метрден ибарат, баҳасы 100 миллион доллар болған бул автомобиль туратуғын орында биринши басқышта 200 жеңил автомобиль және 30 мотоцикл ҳәм скутерлерди жайластырыў имканияты болады. Төрт тәреплеме қолайлы ҳәм қәўипсиз ҳәрекетлениў ушын пиядалар жолы қурылады.

Бул жерде автоматластырылған парковка системалары, велосипедлерди ижараға бериў пунктлери шөлкемлестирилип, электромобильлерди зарядлаў ушын станциялар да қурылады. Бул автомобиль турыў орнын 2026-жылы пайдаланыўға тапсырыў режелестирилген.

Президентимиз бундай заманагөй автомобиль турыў орынларын көбейтиў, олар халық ушын максимал дәрежеде қолайлы болыўын тәмийинлеў, келешекте электромобильлердиң үлеси артыўын есапқа алып, оларды қуўатлаў инфраструктурасын буннан былай да раўажландырыў бойынша көрсетпелер берди.

Жаңа Ташкентте министрликлер ҳәм уйымлардың жумысын шөлкемлестириў ушын ҳәкимшилик имаратлар қурылмақта.

Соның ишинде, Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрлигиниң модуль түриндеги жаңа имараты қурылған.

1,4 гектар жер майданында улыўма майданы 5751 квадрат метрди қурайтуғын 5 бир қабатлы жеңил металл конструкциялы, базальт қапламалы сендвич панельлерден ибарат имаратлар қурылды.

Бул имарат министрликтиң орайлық аппараты ҳәм системадағы шөлкемлерди бир орында жайластырыў имканиятын берип, мәкемелер арасындағы бирге ислесиў ҳәм жумыс процесслериниң нәтийжелилигин арттырады.

Жеңил конструкциялар ҳәм энергия үнемлеўши сендвич панельлер, еркин ақаба системасы, нәтийжели орайласқан ысытыў, суўытыў ҳәм вентиляция системасы усы имараттың эксплуатация қәрежетлерин азайтыў, келешекте оны кеңейтиў ямаса демонтажлаў имканиятын береди ҳәм тез бейимлесиўшеңлигин тәмийинлейди.

Бүгинги күнде жаңа имаратта министрликтиң орайлық аппараты ҳәм системадағы шөлкемлерде жумыс алып барып атырған жәми 550 хызметкер жумыс ислемекте.

Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрлиги жанындағы Мәлимлеме-коммуникация технологияларын раўажландырыў республикалық орайы да усы имаратта жайласқан.

Ҳәзирги ўақытта орай тәрепинен “Ашық қурылыс” миллий мәлимлеме системасы тийкарында бир қатар платформалар иске қосылған.

Мәмлекетимиз басшысына платформалардың жумысы ҳаққында мағлыўмат берилди.

Атап айтқанда, “Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик қала қурылысы кадастры” географиялық мәлимлеме системасында қала ҳәм районлардың аймақларына байланыслы барлық социаллық-экономикалық мағлыўматлар бирден-бир санлы базаға жәмленди. Геопортал арқалы елатлы пунктлердиң 3D форматтағы “санлы егизеклери” жаратылды, реконструкция ҳәм реновация зоналары белгиленип, аймақларды комплексли таллаў имканияты жаратылды.

Бас режелерди ислеп шығыў ҳәм жәмийетлик додалаўдан өткериў, сондай-ақ, олар тийкарында қурылысқа руқсат бериўши ҳүжжетлерди рәсмийлестириў процесслери толық санластырылды.

Бүгинги күнге шекем 20 қала, 22 посёлка, 843 район елатлы пунктлериниң санлы бас режелери ислеп шығылып, геопорталға жайластырылды.

“Рейтинг” электрон платформасында қурылыс-жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлердиң жумысын баҳалаў автоматластырылды. “Тендер” электрон платформасы министрликлер ҳәм уйымлардың электрон системалары менен интеграция етилди. “Қурылыс тараўында мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў” электрон платформасының жаңа версиясы ислеп шығылып, қурылыс тараўындағы барлық 9 хызмет қамтып алынды.

“Жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин экспертизадан өткериў”, “Қурылыста мәмлекетлик қадағалаў”, “Мениң үйим”, “Мениң аймағым”, “Жыллылық тәмийнаты биллинг системасы” сыяқлы бир қатар платформалар да жумыс алып бармақта.

Системаны буннан былай да жетилистириў, объектив етиў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.

Мәмлекетимиз басшысы бул жерде жас қәнигелер менен сәўбетлести.

– Кешеги билим менен бүгин үлкен нәтийжелерге ерисиў қыйын. Оның ушын ҳәр күни излениў, анық пәнлер, атап айтқанда, мәлимлеме технологияларын жақсы үйрениў керек, бул қурылыс тараўында да жүдә әҳмийетли, – деди Президентимиз.

ӨзА