Өзбекстан Президенти Ашхабадтағы Бийтәреплик монументине гүл қойды
33

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 12-декабрь күни Ашхабад қаласындағы Бийтәреплик монументине гүл қойыў мәресиминде қатнасты.
Түркменстанның адамгершилик идеяларына, тынышлық, дөретиўшилик ҳәм жақсылық принциплерине садықлығын сәўлелендиретуғын Бийтәреплик ҳәм “Бийтәрепликтиң 30 жыллығы” естеликлерин өз ишине алған комплекс ҳәм оған тутас ландшафтлы бағ Түркменстан турақлы бийтәреплигиниң 30 жыллығы ҳәм Халықаралық тынышлық ҳәм исеним жылын белгилеўге таярлық шеңберинде қайта қурылды ҳәм салтанатлы түрде ашылды.
Президентимиз басқа да сырт ел делегацияларының басшылары менен бирге монументке гүл қойды.



ӨзА