Өзбекстан халқына Рамазан ҳайыты қутлықлаўы

495

Қәдирли ўатанласлар!

Бәринен бурын, сиз әзизлерди, пүткил халқымызды уллы әййям – мүбәрек Рамазан ҳайыты менен шын жүректен қызғын қутлықлап, барлығыңызға өзимниң жоқары ҳүрметим ҳәм жақсы тилеклеримди билдиремен.

Усы бахытлы демлерде быйылғы Рамазан айын ҳәр тәреплеме мүнәсип өткерип, Ийд-ал-Фитрди ел-халқымыз бенен бирге мине, усындай қуўанышлы той-тамашада күтип алып атырғанымыз ушын Жаратқанға шексиз шүкирлер айтамыз.

Әлбетте, түпкиликли мәниде адамгершилик идеясы жәмленген муқаддес ислам дининиң ийгиликли қәдириятлары ҳәзирги күнде Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформаларға қаншелли уқсас ҳәм үнлес екени Рамазан айында және де анық көринди, десек, ҳақыйқатты айтқан боламыз.

Бул ҳаққында сөз болғанда, бәринен бурын, руўхый пәклениў, сабыр-қанаат, шүкиршилик, қайыр-сақаўат пазыйлетлери улығланатуғын бул айды миллий дәстүр ҳәм қәдириятларымызға сәйкес түрде, жоқары дәрежеде өткериў, елимиз мусылманлары ибадат етиў әмеллерин емин-еркин орынлаўы ушын барлық шараятлар жаратылғанын атап өтиў керек.

Әсиресе, бул мүбәрек айдың «Рамазан-сақаўат, аўызбиршилик ҳәм кеңпейиллик айы» деген идея тийкарында өткерилгени жәмийетимизде тынышлық, дослық, мийрим-шәпәәт ҳәм сақаўат орталығын және де беккемлеўге хызмет етти.

Усы мақсетте кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж шаңарақлар, кексе, майып ҳәм жалғыз инсанлардың ҳалынан хабар алыў, кәмбағал адамлардың аўырын жеңил етиў, үйлер ҳәм мәҳәллелерди абат етиў, үш әўлад ўәкиллери қатнасыўында ғалабалық терек егиў, жаңа бағлар жаратыў бойынша көплеген қайырқомлық илажларының өткерилгенин атап өтиў зәрүр. Соның ишинде, республикамыз бойлап көп миллетли, көп конфессиялы мәмлекетимиз жәмийетшилиги ўәкиллерин бирлестирген ифтарлық мәресимлери бизиң күшимиз бирликте ҳәм тилеклесликте екенин және бир мәрте анық көрсетти.

Кейинги жыллары жақсы дәстүрге айланған бундай мәресимлер инсан қәдирин улығлаў, мийнеткеш ҳәм уллы халқымызды татыў, бир шаңарақ сыпатында бирлестириў бағдарында теңсиз әҳмийетке ийе болып, биз бул жумысларды буннан былай да сөзсиз даўам еттиремиз, деп ойлайман.

Ҳүрметли дослар!

Ҳәммеңизге белгили, ислам – бәринен бурын, адамгершилик, илим, билим ҳәм ағартыўшылық, жақсы пазыйлетлерди улығлаў тәлийматы.

Бул бағдарда мәмлекетимизде ислам цивилизациясы ҳәм мәденияты тийкарында жаратылған бай илимий-руўхый мийрасты топлаў, үйрениў ҳәм кең түрде үгит-нәсиятлаўға соңғы жыллары үлкен итибар берилмекте. Мине, усы мақсетте елимизде жаңадан-жаңа илимий-ағартыўшылық орайлары, диний бағдардағы билимлендириў дәргайлары, қутлы зыярат орынлары қурылып, нәтийжели жумыс алып бармақта.

Сөзсиз, булардың барлығы гөззал үлкемизде барлық тараў ҳәм тармақлар қатарында диний-ағартыўшылық турмыс та үзликсиз раўажланыўда екенинен дерек береди. Бул жумысларда елимиздиң мусылманлары, пүткил халқымыздың мүнәсип үлеси бар екенлигин атап өтип, оның ушын ҳәммеңизге шын кеўилден миннетдаршылық билдиремен.

Мине, усы көтериңки әййямда сырт еллерде ана ўатанға садықлық туйғысы менен жасап атырған ўатанласларымызды да Рамазан ҳайыты менен шын кеўилден қутлықлап, оларға жақсы тилеклеримизди билдиремиз.

Бул шарапатлы күнде дүньяның алыс-жақын үлкелериндеги мусылман үмметин де қызғын қутлықлап, олардың халықлары ҳәм мәмлекетлерине дослық сәлемимизди жоллаймыз.

Әзиз ҳәм қәдирли ўатанласлар!

Сиз, әзизлерди Рамазан ҳайыты менен және бир мәрте шын кеўлимнен қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, бахыт ығбал, шаңарақларыңызға қут-берекет тилеймен.

Рамазан айында ислеген барлық жақсы нийет ҳәм тилеклеримиз қабыл болсын!

Алла таала жанажан Ўатанымыз ҳәм халқымызды өзи сақласын!

Ийд-ал-Фитр әййямы ҳәммемизге мүбәрек болсын!

 

Шавкат Мирзиёев,

Өзбекстан Республикасы Президенти